Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл 15-июнь күнги мағлыўматларына қарағанда, коронавирус пенен наўқасланған адамлардың улыўма саны 142 ге жетти. Соннан 136 наўқас кеселликтен толық емленип реабилитацияға шығарылды, 6 наўқас емленбекте. Соңғы  дизимге алынған 4 наўқастың үшеўи халық арасынан, биреўи халықаралық автотранспорт басқарыўшылары арасынан анықланған.

Емленип атырған пуқаралардың саламатлығы жақсы, коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наўқаслар жоқ.

Ҳәзирги ўақытта 422 пуқара медициналық бақлаўға алынған. Соннан 80 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 342 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.

Усы күнге шекем 23 мың 169 пуқара коронавирусқа тексерилген.

Мәмлекетимизге шет еллерден кирип киятырған халықаралық ири жүк автотранспорт айдаўшыларында коронавирус инфекциясына тексериў жолға қойылған. Усы күнге шекем «Даўыт ата» шегара постынан өткен 3850 пуқара лабораториялық усылда тексерилген.

Карантин талапларын бузғанлығы ушын 11259 пуқараға ҳәкимшилик шара көрилген болса, 2 пуқараға жынайый ис қозғалған.

Егер Сиз денсаўлығыңызда өзгерис сезип, кеселлик белгилери пайда болған болса ўақытты өткерместен, тезлик пенен 103 телефон номери арқалы шыпакерге мүрәжат етиўиңиз тийис.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги