Мәмлекетимизде дән ғәрезсизлигине ерисиў жолындағы алып барылып атырған сиясат нәтийжесинде соңғы жылларда бийдайдан алынатуғын зүрәәтлилик жылдан-жылға артпақта.

Fәлле жетистириўди көбейтиў менен бирге, оның сапасын жақсылаў, мақсетке муўапық сақлаў, қайта ислеў процесинде заманагөй технологияларды қолланыў, бийдайдан таярланатуғын өнимлердиң ҳәр түрлилигин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

Дәнли дақыллар егилетуғын майданлардың, оннан алынатуғын өнимлердиң муғдары артқаны себепли, бул егинниң тәрбиясынан баслап таяр өним ҳалатына келемен дегенше болған жумысларға итибарды күшейтиў жүдә әҳмийетли мәселе.

– Ҳәзир дән жетистирип бериўши фермер хожалықлары ушын жуўапкерли ўақыт,-дейди «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы пахта шийки зат, дән, туқымды қайта ислеў, алынған өнимлерден пайдаланыўды қадағалаў бөлиминиң инспекторы  Қуўаныш Сейилбеков. – Сонлықтан, олардың тийкарғы ўазыйпаларының бири – бул атызларда жетилисип киятырған дәнли егинлерди ҳәр қандай кеселликлерден сақлап, агротехникалық усыллардан мақсетке муўапық пайдаланып, зүрәәтти сепситпей жыйнап алыў болып есапланады. Усындай алға қойылған тийкарғы мақсетлерге умтылған фермер хожалықларының ис нәтийжелери көзге көринеди, дәраматы артады.

Қәнигелердиң изертлеўлерине қарағанда, ғәллениң ҳәр қандай кеселликлерге шалыныўы, дәнниң сапасы ҳәм муғдарына үлкен тәсир көрсетеди. Соның ишинде дән егинлерине үлкен зыян келтириўши зыянкеслердиң бири – хасва дән зыянкеси. Бул зыянкес пенен зыянланған ғәлле майданларындағы зүрәәттиң сапасы жақсы болмайды, дәни пуш, ондағы клейковина муғдары кемейип, класслық дәрежеси азаяды. Бунда белок тоқымалары бузылады, пақалы зыянланған бийдай масақ шығармайды. Нәтийжеде,  дәнниң өнимдарлығы менен биргеликте оның сапасы да төменлейди.

Фермер хожалықларынан ҳәр жылы дүзилген контрактация шәртнамалары тийкарында дән өнимлери мәмлекетлик ресурсқа қабыл етиледи. Дән қабыл етиўши кәрханалар менен зүрәәтти тапсырыўшы фермер хожалықлары арасындағы есап-санақ Қаржы министрлиги тәрепинен тастыйықланған баҳаларға тийкарланып қабылланады.

Дән тапсырыўшы хожалықлар менен есап-санақ жумыслары мәмлекетлик стандарт талапларының базис кондициялары бойынша әмелге асырылады. Сапа көрсеткишлери ығаллығы ҳәм патаслығы жағынан базис кондициясынан төмен болған жағдайларда тапсырылған бийдай ушын үстеме төленеди. Ал, егер бул көрсеткиш керисинше болса, натурал шегирме алынады.

Қайсы ғәллекештиң бийдай дәни сапалы болса, белгиленген мәмлекетлик стандарт талапларына сәйкес келсе, сол дийқанның дәраматы көбейеди ҳәм финанслық-экономикалық жағдайы жақсыланады.

«Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы пахта шийки зат, дән, туқымды қайта ислеўден, алынған өнимлерден пайдаланыўды қадағалаў бөлими тәрепинен ҳәр жылы мәмлекетлик ресурсқа қабыл етилип атырған ғәллениң сапасы, норматив ҳүжжетлер талапларына сай келиўи, ғәллениң қайта ислеў дәўиринде ушырасатуғын кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде қадағалаў жумысларын алып барады.

Сондай-ақ, бөлим қәнигелери республика аймағындағы дәнли дақылларды жетистирип бериўши фермер хожалықларына ғәлле жетистириўде ушырасатуғын ҳәр қандай мәселелер бойынша теориялық ҳәм әмелий жәрдем көрсетиўге таяр. Әлбетте, исленип атырған бул жумыслар халқымыздың тоқшылығы, абанданшылығы, ең баслысы, денсаўлыққа зыянсыз сапалы нан өнимлерине болған талапты қанаатландырыўға тийкар жаратады.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги