ӨзР Әдиллик министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте республика аймақларында исбилерменликтиң раўажланыў дәрежесине баҳа бериўге бағдарланған «Businness Indicator» автоматластырылған онлайн мәлимлеме системасын сынаў тәризинде иске түсирди. Бул ҳаққында министрликтиң мәлимлеме хызмети хабар берди.
Баҳалаўда еки тийкарғы дәрек: тийисли мәкемелердиң рәсмий статистикалық мағлыўматлары және исбилерменлер арасында өткерилген сораўнамалардың нәтийжелери тийкарында ислеп шығылды.
Атап айтқанда, системада сынаў тәризинде өткен 2019-жылдың жуўмақлары бойынша аймақлардың, атап айтқанда, ҳәр бир район ҳәм қалалардағы исбилерменлик орталығы баҳаланды.
Баҳалаў улыўма 29 көрсеткиш (индикатор) тийкарында әмелге асырылып, соннан 25 и тийисли мәкемелердиң статистикалық мағлыўматлары, қалған төртеўи 17 мыңнан аслам исбилерменлер арасында өткерилген сораўлардың нәтийжелери тийкарында есапланған.
Тийкарғы индикаторлар қурамында исбилерменлердиң улыўма аймақлық өнимдеги және Мәмлекетлик бюджетке келип түскен түсимлердеги үлеси, исбилерменлер тәрепинен халықты жумыс пенен тәмийинлеў көрсеткишлерин киргизиў мүмкин.
Исбилерменлик орталығын баҳалаў критериялары тиккелей Ҳүкиметлик қарарда көрсетилген болып, Саўда-санаат палатасы, Бизнес омбудсман, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм басқа шөлкемлер менен келисилген ҳалда ислеп шығылған.
Усы рейтинг сынаў тәризинде, яғный демо версияда ислеп шығылған. Усы демо рейтинг дәслепки нәтийжелерине тийкарланып күшли 5 лик төмендеги аймақлардан ибарат:
1) Ташкент қаласы;
2) Наўайы ўәлаяты;
3) Бухара ўәлаяты;
4) Қарақалпақстан Республикасы;
5) Самарқанд ўәлаяты.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.