Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, бүгинги күнге келип, «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети тәрепинен жәрдемге мүтәж ҳәр бир шаңарақты қоллап-қуўатлаў бойынша системалы түрде жумыслар алып барылмақта.

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 26-марттағы «Экономиканы раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға байланыслы мәмлекетлик сиясатты түп-тийкарынан жаңалаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында аймақларда халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын жақсылаў, атап айтқанда, кәмбағаллықты қысқартыў ўазыйпалары белгиленген. Әсиресе, экономиканың барлық тармақ ҳәм тараўларының бәсекилилигин арттырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў ушын фундаментал шараятларды жаратып бериў есабынан жаңа ҳәм турақлы жумыс орынларын жаратыў белгиленген,-дейди министрликтиң Кәмбағаллықты қысқартыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бөлиминиң баслығы И.Ибрагимов. – Усы пәрман талапларын орынлаў мақсетинде жумысшы топар менен биргеликте шаңарақлардың жағдайы үйренилди.

Нәтийжеде, карантин ўақтында дәраматсыз қалған 3434 шаңарақ анықланды. Усы шаңарақлардағы пуқаралардың саны 16 мың 47 адамды қурады. Жәми жәрдемге мүтәж шаңарақлардың саны 17 мың  114 болып, олардағы пуқаралардың саны 80 мың 116 адамнан ибарат.

Бул шаңарақларды аталыққа алыў, оларға қәўендерлерди бириктириў ҳәм жумысқа жарамлы пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша анық илажлар белгилеп алынды.

Бунда тийкарғы итибар турмыс шараяты аўыр болған, мәмлекеттен жәрдем күтип отырған 1 мың 271 шаңарақтағы 4 мың 886 пуқараға қаратылып, оларды қоллап-қуўатлаў бойынша анық илажлар алып барылмақта.

Бул қоллап-қуўатлаўлар, әлбетте, исбилерменлердиң өз қәлеўлери менен әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, бүгинги күнде анықланған жәрдемге мүтәж 17 мың 114 шаңарақ 6868 кәрхана тәрепинен аталыққа алынды.

Сондай-ақ, 3 мың 526 кәрхана тәрепинен, жәми 27 мың 703 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жумыслар алып барылмақта

Соның менен бирге, алып барылған илажлар нәтийжесинде жыл басынан берли 1 мың 432 киши бизнес субъектлери жаңадан шөлкемлестирилип, бүгинги күнге келип, олардың улыўма саны 16 мың
362 ге жетти.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги