Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл 8-июнь күнги мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстанда бүгинги күнге келип коронавирус пенен наўқасланған адамлардың улыўма саны 136 ға жетти. Соннан, 133 пуқара кеселликтен толық емленип, реабилитацияға шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 3 наўқас емленбекте.

Емленип атырған пуқаралардың саламатлығы жақсы, коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наўқаслар жоқ.

Ҳәзирги ўақытта 198 пуқарада медициналық бақлаў даўам етпекте, соннан 51 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 147 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.

Усы күнге шекем 20 мың 540 пуқара коронавирусқа тексерилип, соннан 136 пуқарада коронавирус инфекциясы тастыйықланды. Кеселликке гуманлы наўқас анықланған жағдайда қыстаўлы үйрениў, шеклеў ҳәм дезинфекциялаў жумыслары даўам етпекте.

Мәмлекетимизге cырт еллерден кирип киятырған халықаралық ири жүк автотранспорт айдаўшыларын коронавирус инфекциясына тексериў даўам етпекте. Усы күнге шекем «Даўыт ата» шегара постынан өткен 3072 пуқара лабораториялық усылда тексерилген.

Карантин талапларын бузғанлығы ушын 8976 пуқараға ҳәкимшилик шара көрилген болса, 2 пуқараға жынайый ис қозғалған.

Нөкис қаласы ҳәм барлық районлық Санитария-эпидемиологиялық тынышлық орайлары тәрепинен, аймақтағы жәмийетлик орынларда дезинфекция илажлары алып барылмақта.

Бул кеселлик пенен аўырмаў ҳәм басқаларға жуқтырмаў, аймағымызды сары оннан соң жасыл зоналарға өткериў ушын ҳәр бир пуқара өзинде жеке жуўапкершилик сезе билиўи, жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиўи, зәрүрлик болмаса үйден шықпастан, басқалар менен қатнаста болыўды азайтыўы керек.

Егер Сиз ден саўлығыңызда өзгерис сезип, кеселлик белгилери пайда болған болса ўақытты өткерместен, тезлик пенен тез жәрдем 103 телефон номери арқалы шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги