Беруний районы Мәмлекетлик хызметлер орайының жаңа имараты қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.

Бүгинги күни  халқымыздың мәмлекетлик хызметлер орайынының хызметлерине болған талабы жылдан-жылға артып бармақта. Бүгинги коронавирус пандемиясы дәўиринде орай хызметкерлери тәрепинен район турғынлары артықша әўерегершиликсиз үйде отырып телефон байланысы ямаса интернет тармағынан аралықтан, яғный бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы my.gov.uz арқалы мүрәжат етиў имканияты жаратылды.

Райондағы Мәмлекетлик хызметлер орайының ески имараты бүгинги күнниң талабына жуўап бермейтуғын еди. Атап айтқанда, хызмет бөлмелериниң, пуқаралардың күтиў залының тарлығы бираз машқалаларды пайда етип келди.

Заманагөй мәлимлеме технологиялары менен тәмийинленген жаңа иматратта хызметкерлер, келген пуқаралар ушын да барлық шараят жаратылған.  Буннан тысқары, дем алыў, медициналық хызмет көрсетиў бөлмелери ҳәм балалар майданшасы қурылған. Әдиллик министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген «Мадад» мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкеми ҳуқықый мәсләҳәт бюросы усы жердиң өзинде халыққа бийпул ҳуқықый хызмет көрсетеди. Сондай-ақ, пуқараларға электрон гезек системасы енгизилген болып, «Халық банки»ниң кассасы жайластырылды. Операторлар арнаўлы үскенелер-санлы имза планшетлери менен тәмийинленген.

Антисептикалық қураллар менен тәмийинленген орайда ҳәзирги карантин дәўиринде халыққа аралықты сақлаған ҳалда хызмет көрсетилмекте. Имаратқа кирген жерде толық мағлыўмат бериўши INFOLAND орнатылған болып, онда бул жердеги хызметлердиң атамалары ҳәм QR –кодлары жайластырылған.

photo_2020-06-05_22-13-44.jpg

Президентимиз тәрепинен алға қойылған «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал, мәмлекетлик  уйымлар халыққа хызмет етиўлери тийис»,-деген идеяны баслы мақсет етип алған орай хызметкерлери алыс аўылларға көшпели хызметлер көрсетиў менен бир қатарда, үйме-үй жүрип, мәмлекетлик хызметлер орайынан пайдаланыўдың абзаллықлары туўралы үгит-нәсият жумысларын алып бармақта. Район орайының көркине-көрик бағышлап турған заманагөй имаратта пуқараларға 130 дан зыят хызмет түри көрсетилип келинбекте. Тараўға қаратылып атырған айрықша итибар халықтың машқаласының тезирек шешим табыўына, оларға көрсетилип атырған хызметлер сапасының жақсыланыўында тийкарғы фактор болмақта.

photo_2020-06-05_22-13-52.jpg

Имараттың ашылыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы