Хожели районында 54 мың 700 бас қара маллар болып, соның ишинде, 28 мың 500 бас қой-ешки, 650 бас ат, 200 бас түйе күтимли бағылмақта. Ҳәзирги күнде қара маллардың от-шөп базасын таярлаў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, районға сырт еллерден нәсилли маллар алып келинбекте. Оларға өз ўақтында ветеринариялық хызметлер көрсетилип атыр.
– Хожели районы ҳәкимлиги тәрепинен шарўашылықты раўажландырыў бойынша быйыл 24 миллиард 855 миллион сумлық 6 жойбар таярланды,-дейди «Өзагроиснпекция»ның Хожели районындағы шарўашылықта нәсилшилик жумысларын қадағалаў бойынша аға инспекторы Т.Қайпанов. – Соннан, шарўашылық тараўында 19 милиард 750 миллион сумлық 4, қусшылық бойынша 600 миллион сумлық 1, балықшылық тараўында 4 миллиард 500 миллион сумлық 1 жойбарды әмелге асырыў белгиленген.
Ҳәзир усы жойбарлар бойынша тийисли тараўлардың жәрдеминде, жаратылған қолайлықлар ҳәм жеңилликлерден пайдаланған ҳалда жумыслар алып барылмақта.
Районда балықшылыққа бейимлескен 30 балық өндириўши субъект болып, соннан төртеўи тәбийғый, 26сы жасалма суў бассейнлеринде бағылмақта. Биреўи «Қарақалпақбалық санаат» ЖШЖға қараслы инкубация цехы болып, олар ушын 52,6 гектар жер ажыратып берилген.
Өткен жылы тутыныўшыларға 220 тоннадан аслам балық ҳәм балық өнимлери жеткерип берилди. Бул өнимлер Хожели дийқан базары ҳәм басқа да арнаўлы орынларда халыққа сатылды.
Хожели районында қус өсириўшилик бойынша 2 ЖШЖ, 1 фермер хожалығы бар. Улыўма таўықлардың бас саны 11 мың 600 ден аслам. Оларға ҳәр қыйлы азық-аўқат егинлерин егиў ушын 108 гектар жер ажыратып берилген. Ҳәзирги күнде оларға күтимли тәрбия берилип, халқымызға таўық гөши ҳәм мәйек өнимлери жеткерип берилмекте.
Жыл ақырына шекем барлық режелерди орынлап шығыўға күш-ғайратымызды жумсаймыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги