Қарақалпақстан Республикасы Әмиўдәрья районындағы «Әмет Тураев» фермер хожалығында «Ғаўашаны шербет усылында суўғарыўда кошпели ийилетуғын қубырлардан пайдаланыўдың абзаллықлары» темасында көргизбели семинар-кеңес болып өтти.

Райондағы машина-трактор парклериниң басшылары, тараўдың басқа қәнигелери, фермер хожалықларының басшылары қатнасқан илажда атап өтилгениндей, бүгинги күнде дийқаншылықта, әсиресе, пахташылықта көшпели ийилетуғын қубырлардан пайдаланыў үлкен әҳмийетке ийе. Бул бағдарда Әмиўдәрья районында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның ишинде, «Тўлқин» аўыл пуқаралар жыйынындағы «Әмет Тураев» фермер хожалығының басшысы Еркинбай Тураев тараўда алып барылып атырған реформалар, инновациялық жойбарларды енгизиў арқалы пахта ҳәм басқа да аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде өз тәжирийбе мектебин жаратты. Әсиресе, үнемлеў дәраматына-дәрамат қосатуғынын фермер оғада жақсы биледи. Сол себепли, ол быйылғы жылдың зүрәәтке-зүрәәт қосыў мәўсиминде районның фермер хожалықлары арасында бириншилерден болып, ғаўашаны шербет усылында суўғарыўда көшпели ийилетуғын қубырлардан пайдаланыў усылын баслап берди.

Илажда қәнигелер тәрепинен бир тегис қарық жарылған атызларға көшпели ийилетуғын қубырлар арқалы суў тарқатыўдың абзаллықлары, ғаўашаның қатар араларына берилетуғын суўдың жумсалыўы ҳәм үнемленетуғын суў муғдары,  жумысшы күши, буннан хожалық экономикасына келетуғын пайда ҳаққында жетекши қәнигелер тәрепинен зәрүр мағлыўматлар ҳәм усыныслар берилди.

Усы үнемлеўши технологияның және бир жақсы тәрепи, яғный, әпиўайы суўғарыў процесинде жүз бериўи мүмкин болған ғаўашаны суў басыў жағдайының сапластырылыўы, ҳәр бир түп ғаўашаның зәрүр муғдардағы суў менен тәмийинлениўи, нәтийжеде көгерип шыққан нәллердиң жүз процент сақланып қалыныўына ерисиў мүмкин екенлигине айрықша итибар қаратылды. Себеби, көпшилик фермер хожалықларында суў көп болған ғаўашалардың көгерип шыққан нәллерин таслап жибериў ақыбетинде өнимдарлықтың азайып кетиўи тәжирийбелерден белгили. Көшпели ийилетуғын қубырлардан пайдаланғанда мине усындай кеўилсиз жағдайдың алды алынып, хожалық экономикасына унамлы нәтийже беретуғыны атап өтилди ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасылды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы