Ҳәзирги ўақытта жетистирилип атырған аўыл хожалығы өнимлериниң зыянланыўының алдын алыў, фитосанитар қәўипсизликти тәмийинлеў әҳмийетли ўазыйпалардың бири. Буған ерисиўде, өсимликлер карантини инспекциясы менен өсимликлер клиникаларының бирге ислесиўи өз нәтийжесин көрсетпекте.
Республикамыздың қала ҳәм районларда, жәми 15 өсимликлер клиникасы өз жумысын баслаған болып, олар зыянланған өсимликлерге биологиялық энтомофаглар ҳәм химиялық препаратлар менен дәрилеў жумысларын алып бармақта.
– Зыянкеслерге қарсы гүресиў илажларын өз ўақтында, зәрүр шараятларда өткериў зәрүр,-дейди Елликқала районы агроном-инспекторы Т.Ҳажибаев. – Яғный, ҳәр бир илаждың өзине тән абзаллықлары ҳәм кемшиликлери де болып, оларды зәрүр шараятларда ғана қолланыў зәрүр. Мәселен, агротехникалық усыл–өсимликлерди зыянлы организмлерден қорғаўда тийкарғысы есапланады. Бул усыл жәрдеминде зыянкеслер көбейиўиниң алдын алыў, айырым жағдайларда болса, пүткиллей қырып таслаў мүмкин.
Усы илажлардан ақылға уғрас пайдаланыў көплеген зыянлы организмлердиң ғалаба түрде раўажланыўының алдын алыўға, олардың зыян келтириў дәрежесин азайтыўға себепши болады. Бундай агротехникалық усылға жерди қайта ислеў, алмаслап егиў, төгин бериў, суўғарыўды өз ўақтында әмелге асырыў жумыслары киреди. Бул жумыслар өз ўақтында сапалы орынланса, химиялық препаратлардан азырақ пайдаланылады.
Механикалық усылда болса, өсимликлердиң қуўраған бөлимлерин кесип таслаў, тереклерге ҳәр түрли тутқышлар қойыў, егин егилген майданлардың әтирапын таза сақлаў ҳәм тереклердиң қабығындағы зыянкеслерди жоқ етиў илажлары киреди.
Биз агроном-инспекторлар жоқарыда атап өтилген усыллардың ҳеш бири нәтийже бермеген жағдайда химиялық усылдан пайдаланыўды усыныс етемиз. Бунда «өсимликлер клиникасы» менен биргеликте өсимликлерди қорғаўда зыянлы организмлерге қарсы химиялық бирикпелерден пайдаланған ҳалда қарсы гүресиў илажларын алып барамыз.
Бул химиялық қарсы гүресиў универсал усыл болып, оларды ҳәр түрли аўыл хожалығы егинлериндеги зыянкеслерге, кеселликлерге ҳәм жабайы шөплерге қарсы қолланыў мүмкин.
– Клиникамиз өткен жылы өз жумысын баслаған болып, ҳәзирги күнде аймақтағы пуқаралардың мүрәжатлары тийкарында өсимлик зыянкеслери ҳәм кеселликлерине қарсы гербицид, инсектицид ҳәм акарицид препаратлары менен зыянсызландырыў илажларын алып бармақта,-дейди Елликқала районы «Өсимликлер клиникасы»ның баслығы Д.Қутлымуратов. – Тараўдың раўажланыўы ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳәм жеңилликлер хызмет көрсетиўимизде қолай болмақта. Әсиресе, 2018-жылдың 1-июлинен 2022-жылдың 1-январына шекем жер салығы, юридикалық тәреплердиң дәрамат ҳәм мүлк салығынан, жеке салық төлемлеринен азат етилгенлиги де хызмет көрсетиўимизде жеңиллик жаратпақта.
Ҳәзирги күнде өсимликлер карантини инспекциясы менен биргеликте жумыс алып барыўымыз нәтийжесинде пуқаралардың өзлери келип, анықланған зыянкеслер ҳәм кеселликлер бойынша мүрәжат етпекте. Ең тийкарғысы, жер ийелери анықланған зыянкеслерге қыстаўлы түрде қарсы гүресиў илажларын алып барса, өнимниң сапасын сақлап қалыў мүмкин екенлигин түсинип жетпекте.
«Өсимликлер клиникалары» зыянланған өсимликлерге «тез жәрдем» көрсетип, мәмлекетимизде фитосанитар қәўипсизликти тәмийинлеў, сапалы өнимди жетистириўге өз үлесин қосып келмекте. Сапалы ҳәм зыянланбаған өним болса, мәмлекеттиң экспорт имканиятын арттырып, экономикасын байытады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги