Агросанаат

Дәнли егинлердиң жоқары өнимдарлы, технологиялық сапалы ҳәм азық-аўқатлық қәсийети жоқары болған сортларды жаратыў, олардың бирлемши туқымгершилигин тәртипли түрде алып барыў ҳәм өндириске енгизиў арқалы дән жетистириўди кескин көбейтиў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелеринен бири есапланады.

-Соңғы жыллары Әмиўдәрья бассейнинде суў муғдарының аз болыўы, вегетация дәўиринде суў там-тарыслығы нәтийжесинде Қарақалпақстанда салының егислик майданы кескин азайып кетти,-дейди Дәнли ҳәм собықлы егинлер илимий–изертлеў институты Қарақалпақстан Республикасы илимий-тәжирийбе станциясының директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Дүйсенбай Утамбетов.-Соның ушын да ҳәр бир танлап егилген сорттың перспективалы имканиятларынан толық пайдаланған ҳалда, дийқаншылық мәдениятын арттырыў, фермер хожалықларына илимий тийкарланған алмаслап егиўдиң муўапықласқан системасын енгизип, топырақтың өнимдарлығын сақлап қалыў ҳәм жоқары өним жетистириў мақсетинде илимий-тәжирийбе станциямыз тәрепинен быйылғы жылы 50 гектар майданға супер элита, 70 гектар майданға элита, жәми 120 гектар майданға гүзлик бийдайдың Мәмлекетлик реестрине киргизилген «Давр», «Аср», «Гром», «Звезда», «Краснодарская-99», «Антонина», «Алексеич», «Зимница», «Юка» ҳәм «Нәўбәҳәр» сортлары егилди.  Гүзлик бийдайдың тез писер сортлары («Звезда») 225-235 күнде, июнь айының биринши он күнлигинде писеди ҳәм тез орып-жыйнап алыў имканиятына ийе боламыз. Орта писер сортлары 245-255  күнде писеди ҳәм 10-15-июньнан баслап орып-жыйнап алыў мүмкин.

Қарақалпақстан Республикасы илимий-тәжирийбе станциясында салының «Нөкис-2», «Гүлзар», «Гүлистан», «Санам» ҳәм «Нөкис-70» сортлары егиледи. Гүзлик бийдай ҳәм салыны алмаслап егиў системасын енгизиў мақсетинде салының тез писер сортларын («Санам» ҳәм «Гүлистан») тәкирарый егин сыпатында бийдайдан босаған жерлерге жайластырыў мүмкин.  Нәтийжеде гүзлик бийдайдан босаған жерлерде жылына еки мәрте өним алыў имканияты жүзеге келеди. Усы салы сортларынан 90-100 күн вегетация даўамында 45-50 центнер өним топлаў мүмкиншилигине ийе.

Қарақалпақстан шараятында бир жыл даўамында еки мәрте өним алыў ушын салының тез писер жергиликли «Санам» ҳәм «Гүлистан» сортлары егилгенде, олар 20-25-августқа шекем толық писеди. Салыдан босаған жерлерге сентябрь айында гүзлик бийдай егиў мүмкин ҳәм шайып суўғарыўға жумсалатуғын 1000-1200 кубометр суў үнемленеди. Салының бул сортларын бийдайдан босаған жерлерге 20-30-июнь күнлери еккенимизде, 20-30-сентябрь күнлери аралығында толық писетуғынлығы илимий тәжирийбелеримизде тастыйықланған.

Илимий-тәжирийбе станциясы жәмәәти тәрепинен быйылғы жылы тритикалениң «Сотник» ҳәм «Валентин», арпаның К-713, К-1665, К-666, К-1746 сортлары егилип, илимий изертлеў жумыслары алып барылмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.