Республика арнаўлы комиссиясының қарары менен 15-июнь сәнесинен баслап «жасыл» ҳәм «сары» аймақларда мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниӊ жумысына рухсат бериледи.

Бунда:

– мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде тәрбия жумысларын 15 тәрбияланыўшыдан артық болмаған топарларда шөлкемлестириў;

– мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниӊ имаратларын турақлы түрде дезинфекциялаў, оларға кириў-шығыў орынларын пирометрлер, антисептикалық ҳәм дезинфекциялық қураллар менен тәмийинлеў;

– хызметкерлер медициналық нықап ҳәм қолқаплардан пайдаланыўы ҳәм аралықты сақлаўы;

– Дене температурасы 37°С ҳәм оннан жоқары болған яки инфекция белгилери бар хызметкер ҳәм тәрбияшыларды тәрбия жумысларына араластырмаў илажларын көриў талап етиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги