UzAuto Motors компаниясы қарыйдарларға автомобиль сатып алыўда қолайлық жаратыўды даўам еттиреди. Бул ҳаққында UzAuto Motors компаниясы мәлим етти.
Ендигиден былай компания усынып атырған қолайлы акция шеңберинде Cobalt ҳәм Malibu 2 Turbo автомобилин де мүддетли төлем шәртлери тийкарында сатып алыўыңыз мүмкин.
«Акция шеңберинде төмендеги автомобильлерди көрсетилген дәўирлер даўамында айма-ай төлеў есабынан мүддетли төлем тийкарында сатып алыўыңыз мүмкин:
— Spark MT — 2,0 млн сумнан (12 ай)
— Spark АT — 2,3 млн сумнан (12/24 ай)
— Nexia AT — 2,6 млн сумнан (12/24 ай)
— Cobalt AT — 2,8 млн сумнан (12/24 ай)
— Tracker MT/AT — 3,8 млн сумнан (18/30/36 ай)
— Malibu 2 Turbo — 5,1 млн. сумнан (18 ай)
— Malibu 1,5 Turbo — 5,6 млн сумнан (18/30/36 ай)
— Trailblaizer — 4,9 млн. сумнан (24/30/36 ай)
Акцияның тийкарғы шәртлери:
– Дәслепки төлем: автомобиль баҳасынан 40 проценттен 70 процентке шекем;
– Төлем мүддети: 12 айдан 36 айға шекем.
– Акцияның әмел етиў мүддети: 2020-жыл 15-июнь (усы сәне де киреди).
!! Дыққат: айма-ай төленетуғын сумма дәслепки төлемниң көлеми ҳәм мүддетли төлем дәўирине қарап өзгерип барады.
Акция физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ушын әмел етеди.
Толық мағлыўматларды компанияның Call-орайы +998 78 141-77-77 ҳәм рәсмий дилерлерден алыўыңыз мүмкин.
- Акция шеңберинде қатнасып атырған автомобильлердиң баҳалары мүддетли төлем есабынан әмелдеги баҳалардан парықланыўы мүмкин» делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги