Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл 3-июнь күнги мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстанда еки күннен берли  коронавирус пенен наўқасланған пуқаралар анықланбады.

Олардың улыўма саны 135 болып, турақлылық сақланбақта. Соннан 129 наўқас кеселликтен толық емленип, реабилитацияға шығарылған. Ҳәзирги ўақытта 6 наўқас  емленбекте. Емленип атырған пуқаралардың саламатлығы жақсы, коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наўқаслар жоқ.

Ҳәзирги ўақытта 162 пуқара медициналық бақлаў астына алынған. Соннан, 52 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 110 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги