Елликқала районы «Гүлдирсин» АПЖда жайласқан «Дошқалъа илғори» фермер хожалығында 2020-жылдың зүрәәти ушын егилген пахта майданларын суўғарыў илажларын тез ҳәм сапалы алып барыўға бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Суў хожалығы министрлиги, район ҳәкимлигиниң қәнигелери, сектор басшылары, аўыл хожалығы хызметкерлери қатнасты.

Район бойынша 10740 гектар жерге пахта егилген болып, ҳәзирги күнде усы майданларды суўғарыў ушын графиклер ислеп шығылған. Суўдан ақылға уғрас пайдаланыў мақсетинде гезек пенен ҳәм көшпели ийилетуғын суў қубырлары жәрдеминде суўғарыў жумыслары алып барылады.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары С.Хожаметов, Суў хожалығы министриниң орынбасары А.Реимбаев, район ҳәкими С.Авезов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, пахтаның тийкарғы агротехникалық илажларының бири болған суўғарыў жумысларын сапалы алып барыўға үлкен итибар қаратыў лазым екенлигин атап өтти.

2020-жылдың зүрәәти ушын егилген пахта майданларын суўғарыў жумысларында фермер хожалықларына әмелий жәрдем көрсетиў және алынған суўды биринши гезекте пахта атызларын суўғарыўға жумсаў мақсетинде 17 отряд шөлкемлестирилген. Оларға суў ҳәм фермер хожалықларынан жуўапкер хызметкерлер бириктирилген. Суўғарыў жумысларында қатнасып атырған суўшылар керекли әнжамлар (бел, кетпен, етик, фонар) менен тәмийинленген.

Семинарда суўғарыў жумысларын нәтийжели алып барыў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги