Нөкис қаласы «сары» категорияға өткерилгени себепли Ɵзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳəм тарқалыўының алдын алыў бойынша республикалық арнаўлы комиссиясы жыйналысының 2020-жыл 14-майдағы 23-санлы баянламасына тийкар пайтахтымыз аймақларында саат 06:00 ден – 22:00 ге шекемги болған ўақыт аралығында автотранспорт қуралларының арнаўлы рухсатнамасыз (стикерсиз) ҳəрекетлениўине рухсат етилди.

 

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳəм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша республикалық арнаўлы комиссиясының мəжилис баянламасы қабыл етилди, деп хабар бермекте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мəлимлеме хызмети.

 

Еслетип өтемиз, автотранспорт қураллары салонындағы пуқаралардың саны авторанспорт басқарыўшысы менен қоса 4 адамнан аспаўы қатаң белгилеп қойылған.

 

Сондай-ақ, барлық аймақларда олардың категориясына қарамастан əмелдеги белгилеп қойылған талаплар сақланып қалады.

 

Ҳүрметли пуқаралар ҳəм автотранспорт қуралларын басқарыўшылар! Сизге Қарақалпақстан Республикасы «қызыл» категорияда турғанын жəне бир мəрте ескерте отырып, карантин талапларының жумсартылыўына байланыслы арқайынлыққа берилместен белгиленген қағыйдаларға қатаң əмел етиўге шақырамыз!

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги