Республикамызда 2020-жылдың пахта зүрәәти ушын 86 мың 291 гектар жерге пахта егилген.  Барлық пахта майданларында ғаўаша тәрбиясының әҳмийетли мапазы басланды. Бүгинги күни ғаўашаны белгиленген агротехникалық талаплар тийкарында тәрбиялаў жумыслары қызғын алып барылмақта.

Быйылғы жылда ғаўашаның қатар араларын қайта ислеў жумысларын сапалы өткериў мақсетинде 371 отряд шөлкемлестирилген. Оларға 1 мың 746  культиватор бириктирилген.

– Сондай-ақ, техникалардың «отряд» ҳәм «наряд» системасында ислеўи, механизаторларға қолайлы шараят жаратыў мақсетинде
144 механизаторлар үйи шөлкемлестирилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң қәнигеси О.Қалханов. – Бүгинги күнге келип, 86 мың 291 гектар жердеги биринши культивациялаў жумыслары толық жуўмақланды.

Ал, 66 мың 307 гектар жерде екинши культивация ислеў жумыслары әмелге асырылды. Сондай-ақ, 62 мың 713 гектарлық майданда терең жумсартыў, 70 мың 684 гектар майданда биринши азықландырыў, 43 мың 524 гектар майданда суспензия себиў жумыслары алып барылды. Соның менен бирге, ғаўаша атызларын бирлеў, жабайы шөплерден тазалаў жумысларына 85 мыңнан аслам жумысшылар қатнастырылып, бул жумыслар қызғын даўам етпекте.

Жоқарыдағы агротехникалық илажлардың сапалы алып барылыўы нәтийжесинде, пахта майданларының 9 мың 166 гектары 1-2 шын жапырақ, 61 мың 193 гектары 3-4 шын жапырақ, 15 мың 932 гектары 5-6 шын жапырақ фазасында раўажланбақта.

 

   Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги