Бүгинги күнде республикамыздағы, жәми 273802 дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине 31218 гектар егислик жерлери бириктирип берилген. 2020-жылдың өними ушын 3800 гектар жерге 2019-жылы август, сентябрь айларында пияз ҳәм чеснок егинлери егилген. Сондайақ, 27418 гектар жерге ерте бәҳәрден егис жумыслары алып барылған.

– Өзбекстан Республикаси Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-апрельдеги 216-санлы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 17-апрельдеги 108-санлы қарары тастыйықланып, Нөкис қаласы ҳәм барлық район ҳәкимлериниң тийисли қарарлары қабыл етилди,-дейди Қарақалпақстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң бөлим баслығы Алланияз Ажимов.

Усы қарарлар тийкарында 2020-жылдың өними ушын такирарый егинлер егиў, мәҳәллелерде «Бир мәҳәлле бир өним» сүрени тийкарында жумыс алып барыў, жеңил конструкциялы иссыханалар қурыў режелери белгилеп берилди. Бул ўазыйпалардың орынланыўы бойынша барлық орынларда тийисли жумыслар алып барылмақта.

Бүгинги күнде дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериндеги өткен жылдың август-сентябрь айларында егилген пияз ҳәм чеснок өнимлери писиў алдында турыпты.

Соңынан, бул жерлерге такирарый егинлерди егиў жумыслары әмелге асырылыўы керек. Ҳәзирги ўақытта бул бойынша барлық пуқаралар жыйынларында ҳәм хожалықларда түсиник жумыслары алып барылмақта.

Ҳәзирги коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў пайытында азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң ең зәрүр дәреги қыйтақ ҳәм мөлдек  жерлерден нәтийжели пайдаланыў болып есапланады.

Сонлықтан, пуқараларымыздан карантин қағыйдалары тийкарында үй қапталы қыйтақ ҳәм мөлдек жерлеринен өнимли пайдаланып, өз ўақтында егин егиў жумысларын алып барыўын және бир мәрте сорап қаламыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги