UzAuto Motors автомобиль сатып алмақшы болған, бирақ қаржысы жетпей атырған ўатанласларымыз ушын акция жәриялады деп хабар береди xs.uz

Акцияның тийкарғы шәртлери:

– Дәслепки төлем: автомобиль баҳасынан 40% тен  70%  ке шекем;

– Төлем мүддети: 12 айдан 36 айға шекем.

– Акцияның әмел етиў мүддети: 2020-жыл 1-июнь (бул сәне де киреди).

«Акция шеңберинде төмендеги автомобильлерди көрсетилген дәўирлер ўақтында айма-ай төлеў орнына мүддетли төлем тийкарында сатып алыў мүмкин:*

Spark MT/АТ – 2,0 миллион сумнан (12/18 ай)

Nexia AT – 2,6 миллион сумнан (12/18 ай)

Tracker MT/AT – 3,8 миллион сумнан (18/30/36 ай)

Malibu 1,5 Turbo – 5,6 миллион сумнан  (18/30/36 ай)

Trailblaizer – 4,9 миллион сумнан (24/36 ай)

ДыққатҮ айма-ай төленетуғын сумма дәслепки төлем көлеми ҳәм мүддетли төлем дәўирине қарап өзгерип барады.

Акция физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ушын әмел етеди.

Толық мағлыўматларды компанияның Call–орайының +998 78 141-77-77 номеринен ҳәм рәсмий дилерлерден алыўыңыз мүмкин.

Акция шеңберинде қатнасып атырған автомобильлердиң баҳалары мүддетли төлем орнына әмелдеги баҳадан парықланыўы мүмкин» делинеди компания мағлыўматында.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги