СЕМИНАР

Беруний районы Мақтумқулы атындағы аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Ғаниев Гүлим» фермер хожалығында  ғаўашалардың қатар арасын терең жумсартыў, зыянкеслерге қарсы гүресиў, биолабораториялар тәрепинен әмелге асырылыўы тийис болған ўазыйпаларға бағышланған семинар болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары С.Хожаметов ҳәм басқалар, бул бағдарда тараў қәнигелери, фермер хожалықлары алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар бойынша өзлериниң пайдалы пикир-усынысларын билдирди.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылы районда 10275 гектар жерге шигип егилип, 24880 тонна пахта жетистириў режелестирилген. Бәҳәр айларының жаўын-шашынлы келиўи аўыл хожалығы дақылларының тәрбиясын өз ўақтында алып барыўда дийқанларымызға айрықша ўазыйпа жүклемекте. Сонлықтан да ғаўаша тәрбиясы ҳәр биримизден айрықша жуўапкершиликти талап етеди. Бүгинги күни өнип шыққан нәллерге агротехникалық талаплар тийкарында тәрбия бериў арқалы дийдиленген зүрәәтке тийкар жаратамыз.

Бунда тәрбия жумысларына айрықша итибар қаратыў, әсиресе, культиваторлардан нәтийжели пайдаланыў, топырақты терең жумсартыў, бирлеў, аўыл хожалығы зыянкеслерине қарсы гүресиў ҳәм басқада илажларды өз ўақтында алып барыў талап етиледи.  Районда бул бағдардағы жумысларға айрықша итибар қаратылып, қәнигелер ҳәм жуўапкерли хызметкерлер тәрепинен ҳәр бир фермердиң атызлары көзден кеширилмекте ҳәм оларға зәрүр мәсләҳәтлер берилмекте. Ҳәзирги карантин дәўирине қарамастан, тәжирийбели фермерлер менен дийқанларымыз жуўапкершиликти терең сезинген ҳалда, бүгинги тынымсыз мийнет мол зүрәәтке беккем тийкар жарататуғынын, оннан алынатуғын дәраматтан бириншиден өзлери, екиншиден, жәмийетимиз пайда көретуғынлығын олар жақсы түсинеди. Сонлықтан да, күш-ғайратымызды, сабыр-тақатымызды сынақтан өткерип атырған ҳәзирги жуўапкерли дәўирде қәнигелердиң усынысларын өз ўақтында орынлап, мол өним жетистириўге ерисиўимиз тийис.

Райондағы «Шаббаз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Рахматулло Шаман» фермер хожалығында  туқымлық бийдай майданларының апробациясы бойынша көргизбели семинар болып өтти. Быйылғы жылдың өними ушын районда 3350 гектар майданға бийдай егилип, ҳәзирги ўақытта тәрбия жумысларын алып барылмақта. Илажда бийдай жетистирилетуғын майданлардың апробациясы бойынша ўазыйпалар белгиленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.