Усы жыл 13-май күни Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 8-декабрьдеги «Халық билимлендириў системасында билим сапасын баҳалаў тараўындағы халықаралық изертлеўлерди шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде,  «Халықаралық баҳалаў бағдарламаларына таярлықлар көриўде таяныш мектеплердиң жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў» темасында онлайн видеосеминар болып өтти.

Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Миллий орай және Халық билимлендириў министрлиги қатнасында (ZOOM бадарламасы арқалы онлайн) шөлкемлестирилген бул видеосеминарға билимлендириў сапасы мониторинг бөлиминиң инспектор методистлери, халықаралық баҳалаў бағдарламаларына таярлық көриў мақсетинде таңлап алынған таяныш мектеп директорлары қатнаcты.

Видеосеминарда Өзбекстан Республикасы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының баслығы У.Ташкенбаев, Миллий орай директоры А.Исмаилов, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов ҳәм Мәмлекетлик инспекция жанындағы Миллий орай хызметкерлери тәрепинен ҳалықаралық баҳалаўларға таярлықлар көриў, бунда таяныш мектеплердиң жумысларын жолға қойыў ҳәм раўажландырыў туўралы түсиниклер берилди. Сондай-ақ, алдымызда турған халықаралық баҳалаўларға ылайық таярлықлар көриў ҳәм белгиленген ўазыйпаларды сапалы орынлаўда таяныш мектеплердиң әҳмийети, олардың жумысын мазмунлы ҳәм сапалы шөлкемлестириў туўралы усыныслар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги