Елимизде экономикалық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша сырт еллер менен товарлар айланысында жүк тасыўшы транспорт қуралларының ҳәрекетлениўине ҳеш қандай тосқынлық ҳәм шеклеўлер жоқ. Бирақ, мәмлекетимиздиң мәпи, экономикалық турақлылығы жолында әмелге асырылып атырған жумыслардан өз мәпи жолында пайдаланып атырған пуқаралар да ушыраспақта.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының мағлыўматларына қарағанда, еки күн алдын Россия Федерациясынан «Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы республикамызға кирип келген жүк автотранспорт қуралының айдаўшысы ҳеш қандай ҳүжжетсиз ҳәм сапасы кепилленбеген, жәми 12 миллион 630 мың сумлық еки түрдеги медициналық дәри-дәрмақларды нызамсыз түрде алып кирип атырғанлығы анықланып, бажыхана хызметкерлери тәрепинен иркилди.

– Быйыл жыл басынан берли Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлери тәрепинен, жәми 242 ҳалатта 3 миллиард 70 миллион 903 мың сумлық товар-материаллық байлықлардың нызамсыз ҳәрекетиниң алды алынды,-дейди басқарма қәнигеси Ю.Қудиярова. – Соннан 6 факт бойынша жынаят иси қозғалған.

Атап айтқанда, есап бериў дәўиринде 4600 дана психотроп затлар, салмағы 102,3 грамм болған наркотикалық қураллар, 337 дана оқ атар гильза, 200 литрлик, баҳасы 23 миллион 300 мың сумлық спирт ҳәм алькогол өнимлери, 140 қутыда баҳасы 1 миллион 93 мың сумлық темеки өнимлери, 1560 килограммлық, баҳасы 8 миллион 708 мың сум болған қара ҳәм реңли металлар, 4562 килограммлық, баҳасы 135 миллион 958 мың сум болған сапасы кепилленбеген азық-аўқат өнимлери ҳәм 7616 килограммлық, баҳасы 40 миллион 60 мың сум болған аўыл-хожалығы өнимлериниң нызамсыз ҳәрекетлениўине шек қойылған.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги