Шымбай районындағы «Шымбай дән» ЖШЖ ун ҳәм гүриш өнимлерин қайта ислеп шығарыўға қәнигелестирилген. Ол өз жумысын 2014-жылы баслаған еди. Өткен жылдан баслап бул кәрхана улыўма белгиленген салық төлеўшиси болып есапланады.

Кәрхана карантин қыйыншылықларына қарамастан өз жумысларын тоқтатпай, күнделикли тутыныў товарлары болып есапланатуғын ун өнимлерин үзликсиз түрде ислеп шығарып, азық-аўқат дүканлары менен арзанлатылған ярмаркаларды тәмийинлеўге үлкен үлес қосып келмекте.

– Кәрханамызда 117 пуқара мийнет етпекте,-дейди кәрхана баслығы К.Кадиров. – Күнине 50 тонна ун шығарылады. Жыл басынан берли 1011 тонна ун ҳәм 680 тонна гүриш өнимлери ислеп шығарылды.

Салық төлемлерин белгиленген мүддетлерде төлеп киятырмыз. Кәрханамыз тәрепинен жыл басынан берли 802 миллион 850 мың сум салық жыйымлары мәмлекетлик бюджетке төленди.

Президентимиз тәрепинен жаратылған қолайлықлар, шараятлар, салық жүгиниң азайтылыўы биз исбилерменлер ушын өз жумысларымызды және де кеңейтиўге мүмкиншилик жаратпақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги