Бүгин пүткил дүньяда эпидемиологиялық жағдай ҳәўиж алған бир ўақытта медициналық мәкемелердиң тез жәрдем автмобильлерине болған зәрүрлиги сезилерли дәрежеде артты, деп хабар бермекте xs.uz .

Арнаўлы тез медициналық жәрдем паркин кеңейтиў ҳәм пандемия ўақтында наўқасларға өз ўақтында жәрдем көрсетиў ушын Тәжикстанға Damas автомобили негизинде тез жәрдем автомобильлери жиберилди. Ҳәр бир транспорт қуралы медицина хызметкерлери ушын қосымша жеке қорғаныў қураллары менен тәмийинленген. Соңынан медициналық мәкемелер арасында тарқатыў ушын автомобильлер Тәжикстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине тапсырылды.

Damas автомобили негизинде бул арнаўлы транспорт қуралын ислеп шығарыў UzAuto Motors тәрепинен 1996-жылдан берли жолға қойылған. Тез жәрдем машиналары медицина хызметкерлери менен биргеликте наўқасларды тасыў ушын мөлшерленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги