Пиллешилик мәўсими басланыўы менен ҳәзирги ўақытта барлық пиллешилик хожалықларындағы жумыслар қызғын басланып кетти. Төрткүл районында да пиллешиликтиң азықлық базасын беккемлеў мақсетинде белгиленген 178,5 гектарлық тут атызларын шөлкемлестириў, 36,3 гектарлық тут атызларында жаңадан тут нәлин егиў, яғный реконструкциялаў бойынша жумыслар алып барылмақта.
– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 17-январьдағы «Пиллешилик тармағында наўқан қуртының азықлық базасын раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары талапларының орынланыўын тәмийинлеў инспекцияға жүкленген,-дейди Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы қәнигеси Жанар Ермашева. – Усы мақсетте Төрткүл районы тоғай ҳәм фермер хожалықлары менен биргеликте 2020-2024-жылларда аймақтағы мелиоративлик объектлер әтирапында ҳәм аўыл хожалығы жерлерин самал ҳәм суў эррозияларынан қорғаў, пиллешиликтиң азықлық базасын беккемлеў мақсетинде белгиленген 232 гектарлық қорғалған тут атызларын басқышпа-басқыш шөлкемлестириў жумыслары даўам етпекте.
Төрткүл районындағы «Бостан-Силк» кәрханасы тәрепинен 2020-жылғы пилле жетистириў бойынша белгиленген 153,0 тонна реже тийкарында фермер хожалықлары ҳәм жумысты үйге бөлип алып ислеўшилер менен контрактация шәртнамаларын дүзди. Соның менен бирге, быйылғы пилле жетистириў мәўсиминде райондағы наўқан қуртын жанландырыўға бейимлестирилген 23 инкубаторияға 30-апрель күни пандемия қағыйдалары талаплары бойынша, жәми 2782 қуты наўқан қуртын жанландырыў ушын қойылды ҳәм ҳәзирги күнде наўқан қуртын фермер хожалықларына ҳәм жумысты үйге бөлип алып ислеўшилерге тарқатыў жумыслары әмелге асырылмақта.
Бул бағдардағы жумыслар орынларда нәтийжели даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.