Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстан Республикасында бүгинги күнге келип коронавирус пенен наўқасланған адамлардың улыўма саны 114 ке жетти. Соннан 109 наўқас кеселликтен толық емленип реабилитацияға шығарылды, ҳәзир 5 наўқас емленбекте.

Емленип атырған пуқаралардың саламатлығы жақсы, коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наўқаслар жоқ.

Бүгинги күнге шекем республикамыз аймағында 14575 пуқара
14 күнлик медициналық бақлаўға алынған еди, олардан 13970 пуқара кеселликтиң клиникалық белгилери жүзеге келмегенлиги, кеселлик анықланбағанлығы себепли 14 күнлик медициналық бақлаў астынан шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 605 пуқарада медициналық бақлаў даўам етпекте, соннан 29 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 576 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.

Карантин дәўиринде республикамызда усы күнге шекем 5005 пуқараға карантин талапларын бузғанлығы ушын ҳәкимшилик шара көрилип, 2 пуқараға жынайы ис қозғалған, бирақ соған қарамастан айырым пуқараларымыз карантин талапларына итибарсызлық пенен қарап, белгиленген қағыйдаларды бузыўды даўам етпекте.

Усы күнге шекем 8442 пуқара коронавирусқа тексерилип, соннан 114 пуқарада коронавирус инфекциясы тастыйықланды. Кеселликке гуманлы наўқас анықланған жағдайда қыстаўлы үйрениў, шеклеў ҳәм дезинфекциялаў жумыслары алып барылмақта.

– Ҳәзирги күнде Өзбекстан Республикасы, сол қатарда Қарақалпақстан Республикасының барлық районлары қызыл, жасыл, сары зоналарға ажратылып, сол бойынша карантин талаплары қатаң тәртипке салынбақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының бас врачы Баҳадыр Қутлымуратов. – Бул зоналар аймақларда коронавирус инфекциясы менен наўқаслардың дизимге алыныў мүддетине байланыслы. Бул кеселликти тоқтатыў ушын пуқараларымыз биринши гезекте жеке гигиена қағыйдаларына әмел етип, басқа пуқаралар менен қатнасты шеклеўи, зәрүрлик болмаса үйинен шықпаўы шәрт болады.

Соңғы 14 күн ишинде наўқас дизимге алынғанлығы себепли бизиң республикамыз қызыл категорияға киргизилген. Демек, бизиң аймағымызда карантин шеклеўлери сақланып қалады ҳәм эпидемиялық жағдайға қарап қайта көрип шығылады.

Кеселликти жасырып өз-өзине диагноз қойыў, үй шараятында ҳәр түрли дәрилик затларды қабыл етиў, пуқараның өзине ҳәм оның шаңарақ ағзаларына, әтирапындағы пуқараларға қәўип туўдырады.

Егер Сиз ден саўлығыңызда өзгерис сезип, кеселлик белгилери пайда болған болса ўақытты өткерместен, тезлик пенен тез жәрдем 103 телефон номери арқалы шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.

 

 Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.