8-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзёев ҳәм Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенконың телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Мәмлекет басшылары – фашизм үстинен ерисилген Жеңистиң 75 жыллығы мүнәсибети менен бир-бирине қызғын қутлықлаў ҳәм тилеклер билдирди. Дос халықларымыздың Уллы Жеңиске ерисиўде шексиз үлес қосқаны айрықша атап өтилди.

Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм Беларусь арасындағы көп қырлы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары көрип шығылды.

Соңғы жылларда еки тәреплеме саўда қатнасықлары жедел раўажланып атырғаны, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында өндирис кооперациясы кеңейип атырғаны, аймақлар ҳәм исбилермен топарлар арасындағы сөйлесиўлер, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўындағы алмасыўлар жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ерисилген келисимлерди әмелге асырыў ҳәм шерикликтиң жаңа бағдарларын алға қойыў мақсетинде қоспа Ҳүкиметлераралық комиссиясы шеңбериндеги ушырасыўларды, соның ишинде, видеоконференциялар форматында даўам еттириўге келисип алынды.

Президентлер пандемияға байланыслы еки мәмлекеттеги жағдайды додалады ҳәм коронавирустың тарқалыўына қарсы гүресиўде байланыслы уйымларға жақыннан муўапықласыў ҳәм бирге ислесиўди тәмийинлеў бойынша тапсырма берди.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе бир қатар актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды. Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық аўқамы шеңберинде көп тәреплеме қоспа илажлар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Сөйлесиў әдеттегидей қызғын ҳәм дослық руўхында өтти.

 

ӨзА