Шавкат Мирзиёев Нурсултон Назарбоев билан телефон орқали мулоқот қилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-май күни Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдынан Шавкат Мирзиёев ҳәм Нурсултан Назарбаев Екинши жер жүзилик урыста ерисилген Жеңистиң 75 жыллығы мүнәсибети менен бир-бирлерин қызғын қутлықлап, жақсы тилеклер билдирди.

Саўашларда жанын аямастан, фронт артында пидәкерлик пенен мийнет етип, Жеңиске ерискен ата-бабаларымыздың мәртлиги ҳәм қаҳарманлығы дос халықларымыздың миннетдар түрде ядында мәңги қалатуғыны айрықша атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында шегара алды аймақларда Сардоба суў сақлағышындағы айрықша ҳәдийсе ақыбетлерин сапластырыўға байланыслы мәселелер көрип шығылды. Халыққа зәрүр жәрдемди көрсетиў, инфраструктура ҳәм коммуникацияларды қайта тиклеў бағдарында биргеликте әмелге асырылып атырған биринши гезектеги илажлар қоллап-қуўатланды.

Мәмлекетлеримизде коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў нәтийжели өтип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Усы қәўипли кеселликтиң алдын алыў ҳәм емлеўде ўәкилликли уйымлардың жақыннан муўапықласыўын ҳәм бирге ислесиўин даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Нурсултан Назарбаев еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын, бәринен бурын  саўда-экономикалық тараўда кеңейтиў мәселелерине айрықша тоқтады.

Пандемияның унамсыз ақыбетлериниң тәсирин азайтыў мақсетинде әмелий бирге ислесиўдиң жаңа жойбарлары ҳәм бағдарларын ислеп шығыўда еки мәмлекет бас министрлериниң басшылығында қоспа Ҳүкиметлераралық комиссияның әҳмийетли роль атқаратуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер ҳәм Орайлық Азия регионында жақсы қоңсышылық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў бойынша пикир алысты.

 

ӨзА