Коронавирусни “Хитой вируси“ деб атаб келаётган Трамп бу фикридан қайтди

АҚШ президенти Дональд Трамп  усы күнге шекем коронавирустың тарқалыў ошағы болған Қытайды пүткил дүньяға вирус тарқатыўда айыплап киятырған еди.

Қытай болса, коронавирустың жасалма түрде тарқатылғаны ҳаққындағы айыплаўлардан пүткиллей бас тартты.

Алдынғы интервьюлеринде коронавирус Қытайдың Ухан қаласындағы вирусология лабораторияларында жасалма түрде тарқатылғанлығы ҳаққында дәллийлер бар екенлигин айтқан Трамп бул сапар пикирин өзгертти.

АҚШ президенти «New-York Post» газетасына берген интервьюсинде COVID-19 вирусын глобал пандемияға айланыўына Қытай айыплы екенин атап өтиў менен бирге Қытай бул вирусты биле тура тарқатпағанлығын атап өтти.

«Вирус Уханда пайда болды, бирақ лаборатория болмаўы мүмкин. Бирақ, вирустың ҳәўиж алып алып, пүткил дүньяға тарқалыўын тоқтатып қалыўы керек еди», деп айтқан Дональд Трамп.

 

ӨзА