ДЫҚҚАТ, КАРАНТИН !

Усы жылдың 22-апрель күни саат 23.25 шамасында 1994-жылы туўылған Н.А. басқарыўындағы «Ласетти» маркалы автомашина тоқтатылып, тексерилип көрилгенде, айдаўшының ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз, мәс ҳалында басқарып киятырғаны анықланды.

Бул ҳаққында  Нөкис қалалық Ҳәкимшилик судының баслығы Амангелди Салиев мәлим етти.

Елимизде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде карантин илажлары жәрияланыўына қарамастан, айырым пуқараларымыз оның талапларын қопал рәўиште бузыўға жол қоймақта. «Тепсе темир үзетуғын» бул жигиттиң усындай сынаўлы күнлерде автомашинаны мәс ҳалында басқарып киятырғанына не деўге болады. Оның үстине автомашина басқа биреўдиң атында болса.

Еледе ишки ислер уйымлары хызметкерлери оны ўақтында тоқтатып қалды. Болмаса қандай кеўилсиз ўақыя келип шығыўы мүмкинлигин  көз алдыңызға келтирип көриң.

Бул бойынша рәсмийлестирилген ҳүжжетлер жақында Нөкис қалалық Ҳәкимшилик суды тәрепинен көрип шығылды. Ҳуқықбузарға Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң тийисли статьялары менен үзил-кесил  еки жыл мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырып,  базалық есаплаў муғдарының 25 есеси, яғный, 5 миллион  575 мың сум муғдарында жәрийма жазасы белгиленди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.