5-май күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында видеоселектор жыйналысы болып өтти.

Жыйналыста мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Өзбекстанда карантин қағыйдаларын жумсартыў бойынша тапсырмалар берилди.

 

Атап өтилиўинше, өткен еки ҳәпте даўамында Өзбекстан бойынша 59 мың өндирислик кәрханалар қайтадан иске түсирилди. Ташкент қаласында 16 мыңнан аслам, Қарақалпақстан Республикасында 857 кәрхана өз жумысларын тикледи.

 

Эпидемиологиялық жағдай жақсы болған аймақларда:

 

– азық-аўқатлық емес дүканлар;

– медициналық диагностика;

– такси хызметлери;

– турақ жайларды оңлаў;

– тигиўшилик;

– турмыслық техника ҳәм аяқ-кийим оңлаў;

– шаштәрезханалардың жумысларына күшейтилген санитариялық талапларға әмел еткен ҳалда жумыс баслаўы ушын рухсат берилиўи керек екенлиги атап өтилди.

 

Соның менен бирге, стикерлер бийкар етиледи ҳәм жеке автомобильлерден пайдаланыўға рухсат бериледи.

 

Коронавирус толық сапластырылмағаны себепли адамлар көп жыйналатуғын объектлер, яғный:

 

– театр;

– концерт залы;

– спорт залы;

– тойханалар;

– жәмийетлик транспорт бойынша шеклеўлер белгили бир мүддетке шекем сақланып қалынады.

 

– Эпидемиологиялық жағдай жақсыланып барғаны сайын шеклеўлерди бийкар етиўди даўам етемиз. Керисинше, жағдай жаманласса, карантин илажларын қайта тиклеймиз, – деп айтып өтти Президент.

 

Соны айрықша атап өтиў керек, қайсы күннен баслап рухсат берилиўи Республикалық арнаўлы комиссияның қарары тийкарында белгиленеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.