USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 2 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

КАРАНТИН ШАРАЯТЫН ЖЕҢИЛЛЕТИЎДИҢ ГЕЗЕКТЕГИ БАСҚЫШЫ БЕЛГИЛЕНДИ

Карантин шароитини енгиллаштиришнинг навбатдаги босқичи белгиланди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 5-май күни карантин шараятын және де жеңиллетиў ҳәм экономикалық жумысты қайта тиклеў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимизде эпидемиологиялық жағдай унамлы тәрепке өзгерип атырғаны себепли 22-апрельден карантин шараяты басқышпа-басқыш жумсартыла баслаған еди. Бул жумысларды избе-из даўам еттириў мақсетинде орынлардағы жағдай үйренилди. Ҳәр бир тармақ ҳәм ҳәкимликлерден тийкарланған усыныслар алынды.

Мәжилисте усы усыныс ҳәм таллаўлар тийкарында буннан былай әмелге асырылатуғын жумыслар додаланды.

Ҳәзирги ўақытта жумысы тикленген санаат, аўыл хожалығы ҳәм қурылыс тараўларына қосымша түрде хызмет көрсетиў субъектлери де басқышпа-басқыш иске қосылыўы белгиленди.

Соның ишинде, эпидемиологиялық жағдай жақсы болған аймақларда, санитариялық талапларды белгилеген ҳалда, азық-аўқат емес дүканлар, медициналық диагностика, такси хызмети, оңлаў, тигиўшилик, турмыслық техника ҳәм аяқ-кийим оңлаў, шаштәрезханалардың жумысына рухсат бериў керек екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, стикерлер бийкар етилип, жеке меншик автомобильлерден пайдаланыў мүмкин болады.

Бирақ, коронавирус толық сапластырылмағаны себепли, адамлар көп жыйналатуғын объектлер, соның ишинде, театр, концерт ҳәм спорт заллары, тойханалар, жәмийетлик транспорт бойынша шеклеўлер белгили мүддетке шекем сақланып қалады.

Республикалық комиссияға хызмет көрсетиў түрлерин қайсы аймақларда ҳәм қандай шәртлер тийкарында жолға қойыўды белгилеў тапсырылды.

– Эпидемиологиялық жағдай жақсыланған сайын шеклеўлерди бийкар етиўди даўам еттиремиз. Керисинше, жағдай жаманласса, карантин илажларын қайта тиклеймиз, – дейди Шавкат Мирзиёев.

Кәрханалардың турақлы ислеп кетиўи ушын оларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Усы мақсетте мәмлекетимиз басшысының «Тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатын қоллап-қуўатлаўға байланыслы кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Оған бола:

– тоқымашылық кәрханалары ҳәм кластерлерин буннан былай да қоллап-қуўатлаў, өнимниң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў мақсетинде шийки зат баҳасын 10 процентке шекем төменлетиў имканиятын беретуғын халықаралық биржа баҳаларына өтиледи;

– 1-апрельге шекем ишки базарда сатылған пахта талшығы ушын ақырғы төлем мүддети 90 күннен 150 күнге шекем созылды;

– тоқымашылық кәрханалары экспорт еткен өним республикадан шығып кетиўи менен қосымша қун салығы толық қайтарылады;

– тараў ушын әҳмийетли болған 64 түрдеги шийки зат ҳәм материаллар бажыхана бажысынан азат етилди.

Сондай-ақ, таяр өнимниң экспортын кескин көбейтиў, ири, кеминде 1 мың адам жумыс ислейтуғын, халықаралық бренд астында ислеп шығарыўшы заманагөй ири тоқымашылық ҳәм тигиў кластерлерин қурыў нәзерде тутылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Экспорт жумысын буннан былай да қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы қарары да қабыл етилди.

Оған муўапық, тасыў қәрежетлери ушын субсидия берилетуғын өнимниң түрлери ҳәзирги 52 ден 86 ға шекем көбейтилди. Бул дизимге 32 түрдеги овощ ҳәм палыз өнимлери ҳәм кептирилген, музлатылған ҳәм консерваланған мийўелер қосылды.

Усы транспорт қәрежетин субсидиялаў механизминен 2 мыңнан аслам экспортёр кәрханалардың пайдаланыў имканияты жаратылмақта ҳәм оған бюджеттен 360 миллиард сум бағдарланады.

– Бундай илажлардан мақсет – кәрханалардың жумысын жедел түрде тиклеў, экспорт көлемин турақлы арттырыў, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ушын үлкен имканият жаратыў. Сол себепли барлық дәрежедеги басшылар турақлы түрде ҳәр бир район ҳәм мәҳәлледе жаңа идея ҳәм басламаларды енгизип, әпиўайы халық ямаса кәмбағалдың турмысын жақсылаў, оларды бәнт етиў ҳәм дәраматын арттырыў мәселелери менен тийкарғы дәрежеде шуғылланыўы керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәжилисте карантин илажлары жеңиллетилетуғын аймақларды белгилеў мәселеси де көрип шығылды.

Денсаўлықты сақлаў министрлигине ҳәкимликлер менен бирге ҳәр бир район ҳәм қаланың карантин дәрежесин белгилеў, орынлардағы жағдайды үйрениўге қарап, жеделлик пенен карантин дәрежелерин жаңалап барыў ўазыйпасы қойылды. 23-апрель күни тастыйықланған пандемия дәўиринде ўақтынша санитариялық қағыйдалар, нормалар ҳәм гигиеналық нормаларға әмел етиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Карантиннен кейин экономика тармақлары ҳәм исбилерменлер турақлы жумыс алып барыўы ушын шараят жаратыўды ҳәзирден баслаў керек екенлиги көрсетип өтилди.

Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигине тармақ басшылары, ўәлаят ҳәкимлери ҳәм банклер менен бирге 1-июньге шекем кәрханаларға көрсетилетуғын жәрдем түрлери ҳәм муғдарын анықлап, ҳәр бир кәрхана бойынша Кризистен кейинги мәнзилли илажлардың режесин ислеп шығыў тапсырылды. Усы режеде кәрханаларға айланыс қаржылар ушын қосымша кредитлер бериў, экспорт миннетлемелерин орынлаўға жәрдемлесиў, қыйтақ жер ҳәм ыссыханалар ушын мәмлекет тәрепинен берилетуғын субсидиялардың муғдарын арттырыўға тийкарғы әҳмийет бериледи.

Видеоселектор мәжилисинде салық түсимлерин тәмийинлеў мәселесине де тоқтап өтилди. Усы жылдың январь-апрель айларында бул бағдардағы прогноз 102,7 процентке орынланған. Буннан берли бюджетке түсимлер сезилерли түрде артып барыўы атап өтилип, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.

Азық-аўқат қәўипсизлигине де және бир мәрте итибар қаратылып, халықты тийкарғы түрдеги өнимлер менен үзликсиз тәмийинлеў, баҳаның турақлылығын сақлаў илажлары белгиленди.

Видеоселектор мәжилисинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылды. Додаланған мәселелер бойынша министрлер ҳәм ҳәкимлер мәлимлеме берди.

 

ӨзА