Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-май күни Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекет басшылары еки тәреплеме жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелерин көрип шығып, әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларын додалады.

Эпидемиологиялық жағдайдың раўажланыўын қадағалаў ҳәм коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў бойынша нәтийжели илажларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Еки мәмлекеттиң ҳүкиметлерине усы қәўипли кеселликке қарсы гүресиўде өз-ара муўапықластырыўды күшейтиў ҳәм тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў бойынша тапсырмалар берилди.

Пандемияның, бәринен бурын, Өзбекстан – Тәжикстан саўда-экономикалық байланыслары ушын унамсыз ақыбетлерге алып келиўине жол қоймаў мақсетинде алдыннан илаж көриў ҳәм жүзеге келип атырған барлық мәселелерди жедел түрде шешиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Өз-ара саўдада жоқары өсиў пәтлерин сақлап қалыў, транспорт қатнаўларын тәмийинлеў, санаат, энергетика, аўыл хожалығы, қаржы ҳәм басқа да тараўларда тийкарғы жойбарларды әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлердиң тәртибин биргеликте ислеп шығыў мақсетинде тийисли министрликлер ҳәм уйымлар арасында видеоконференциялар өткерип турыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Сондай-ақ, Сардоба суў сақлағышындағы айрықша ҳәдийсениң ақыбетлерин сапластырыўға байланыслы мәселелер көрип шығылды.

Телефон арқалы сөйлесиўи ўақтында Өзбекстан ҳәм Тәжикстан Президентлери халықаралық әҳмийетке ийе бир қатар актуал мәселелер бойынша пикир алысты.

Сөйлесиў ҳәр қашанғыдай қызғын, конструктивлик ҳәм дослық руўхында өтти.

 

ӨзА