USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 6 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

СЫРДӘРЬЯЛЫЛАРДЫҢ ТУРМЫСЫ ЖӘНЕ ӨЗ ОРНЫНА ТҮСПЕКТЕ

Сув омборида олиб борилаётган ишлар юзасидан кўрсатмалар берилди

Әпиўайы турмыслық ҳақыйқат бар. Бул дүньяда қуўаныш ҳәм тәшўиш, жетискенлик ҳәм қыйыншылықлар ҳәмийше бирге жүреди. Елимиздиң бурынғы тарийхында бундай ўақыялар көп болған. Бирақ көпти көрген, күш-ғайратлы халқымыз бундай жағдайларды бәрқулла ақыл, сабыр-тақат ҳәм мәртлик пенен жеңип өткен.

Быйыл 1-май күни Сырдәрья ўәлаятында жүз берген ҳәдийсе бул ҳақыйқатты және бир мәрте тастыйықлады. Экономикалық раўажланыў жолында тез пәт пенен алға илгерилеп баратырған мәмлекетимиз үлкен сынаққа дус келди. Бирақ ерк-ықрары беккем, мәрт халқымыз бул рет те аўызбиршилик ҳәм татыўлықтың үлгисин көрсетпекте.

Бул исеним күни-түни халықтың мәпин, елдиң тынышлығы ҳәм абаданлығын ойлап жасап атырған мәмлекетимиз басшысының жетекшилигинде күшли толқынға айланды.

Президентимиз ҳәдийсе жүз берген дәслепки саатлардан-ақ бул жерге тез жетип келип, адамларға тилеклес ҳәм қолқанат болғаны, «апатшылықтың ақыбетлерин қысқа ўақытта сапластырамыз, жәбир көрген ҳәр бир инсан, ҳәр бир шаңараққа әлбетте жәрдем беремиз», деген сөзлери Сырдәрья халқына оғада үлкен мәдет ҳәм күш-қуўат берди.

Мәмлекетимиз басшысы еки күн даўамында ўәлаятта қалып, жағдайды турақластырыў жумысларының басында болды. Сол себепли де халқымыз бул күтилмеген тәбийғый апатшылық алдында өзин жойытып қоймады. Ҳәмме бир тән, бир жан болып, аймақта нормал турмысты тиклеў бағдарында белсендилик ҳәм пидәкерлик көрсетпекте.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев 3-май күни де Сырдәрья ўәлаятында болып, Сардоба суў сақлағышы аймағында әмелге асырылып атырған тиклеў-оңлаў жумыслары менен жақыннан танысты.

Мағлыўмат орнында соны атыў керек, бул суў объекти Сырдәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларындағы 6 районның егислик майданларын суў менен тәмийинлеў мақсетинде қурылған. Ҳәзирги ўақытта суў тасқыны жүз берген орында 2 бригада шөлкемлестирилип, бөгеттиң жарылған жериниң шеп ҳәм оң жағалықларында жедел жумыс алып барылмақта. Бул процесске жүзлеген маман қәнигелер, мыңнан аслам арнаўлы техникалар тартылған. Үлкен таў таслары, бетон блоклар ҳәм плиталар, басқа да тийисли қурылыс материаллары келтирилип, бөгеттиң алдында ярым шеңбер түринде иркиўши дийўал қурылмақта. Жумысшы-инженерлер, айдаўшылар ушын барлық шараят жаратылып, ис-ҳәрекетлер күни-түни шөлкемлестирилген.

Президент Шавкат Мирзиёев орынланған жумысларды пуқталық пенен көзден өткерип, жуўапкер басшылар ҳәм қәнигелерге зәрүр көрсетпелер берди.

Бизге белгили, суў тасқыны тийкарынан Сырдәрья ўәлаятының Сардоба, Ақалтын ҳәм Мырзаабад районларының елатлы пунктлери ҳәм егислик жерлерине зыян жеткерген. Ҳүкимет комиссиясы тәрепинен әмелге асырылған жедел илажлардың нәтийжесинде усы районлардағы 22 аўылдан жәми 60 мыңнан аслам халық эвакуация етилген.

Мәмлекетимиз басшысы суў тасқынына дус келген аўылларда болып, аймақты тазалаў, инфраструктура объектлерин тиклеў, халық ушын шараят жаратыў бойынша тапсырмалар берген еди.

Айрықша жағдайлар, Қорғаныў, Суў хожалығы министрликлери, ҳуқық-қорғаў уйымлары, қурылыс-оңлаў шөлкемлери ҳәм жергиликли ҳәкимликлердиң өз-ара муўапықластырылған ҳәрекетлериниң нәтийжесинде бул бағдарда жедел жумыслар алып барылмақта. Суў тасқыны себепли пайда болған шығындылар жыйнастырылып, аймақ дезинфекцияланбақта. Өрт өшириў машиналарының жәрдеминде көлмеклердеги суў тартып алынбақта. Жоллар ашылып, инженерлик-коммуникация тармақлары тикленбекте.

Шавкат Мирзиёев уйига қайтган одамлар билан мулоқотда бўлди

Нәтийжеде айырым мәҳәллелерде шаңарақлар өз үйлерине қайта баслады. Басқа орынларда тазалаў-оңлаў жумыслары жедел пәтлерде даўам етпекте. Жақын ўақытларда оларда да зәрүр шараятлар жаратылып, өмир және өз орнына түседи.

Президентимиз Сардоба районындағы Қўрғонтепа мәҳәллесин барып көрди. Ҳүкимет комиссиясының жуўапкерлери әмелге асырылған илажлар бойынша мәлимлеме берди.

Усы мәҳәлле пуқаралар жыйынында 530 үй болып, 4200 халық жасайды. Аймақ суў тасқынына биринши болып дус келген, адамлар жедел түрде қәўипсиз орынларға көширилген еди.

Үлкен күш ҳәм техника қураллары, әскерлер, басқа да тараўлардың хызметкерлери тартылып, әмелге асырылған кең көлемли жумыслар нәтийжесинде апатшылықтың ақыбетлери сапластырылып атыр, адамлар өз үйлерине қайтып атыр.

Мәмлекетимиз басшысы усындай үйлердиң бирине кирип, шаңарақ ийелеринен ҳал-аўҳал сорады. Ҳәмме қатары оларға да материаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетилетуғынын, ҳеш ким итибар ҳәм ғамқорлықтан шетте қалмайтуғынын және бир мәрте атап өтти.

Шавкат Мирзиёев қәдирдан мәканына қайтқан мәҳәлле халқы менен сойлести.

Президентимиз Ақалтын районында да болды. Жуўапкер хызметкерлер айрықша жағдай жеткерген зыян, оларды сапластырыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында мәлимлеме берди.

Суў тасқыны районның Шодлик ҳәм Аҳиллик мәҳәллелериниң аймағын да басқан еди. Оларда жасап атырған 11 мыңнан аслам халық Гүлистан қаласы ҳәм Жиззақ ўәлаятының Мирзашөл ҳәм Дослық районларына эвакуация етилди. Усы кеўилсиз ўақыя ақыбетинде райондағы жәми 13 мың 397 гектар пахта, ғаўаша ҳәм палыз егинлерине зыян жеткен.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге ҳәр бир шаңарақ ийелери менен сөйлесип, олардың турақ-жайларын оңлаў, жасаў шараяты бар үйлерге халықты қайтарыў бойынша көрсетпелер берди.

Президент Оқолтин ва Мирзаобод туманларидаги маҳаллаларни бориб кўрди

Гезектеги мәнзил – Мырзаабад районы. Бул жерде нуранийлер, мәҳәлле ақсақаллары ҳәм белсендилери, жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасыў болды.

Бул район да суў тасқыны үлкен тәсир көрсеткен аймақлардан бири. Нәўбәҳәр, Ҳақиқат, Баҳористон ҳәм Йўлдошобод мәҳәллеринде жасаўшы дерлик 15 мың халық районның Янгиобод мәҳәллеси ҳәм Янгиер қаласына жайластырылған. Жәми 7084 гектар аўыл хожалығы егислик майданына зыян жеткен.

Президентимиз қурылыс-оңлаў жумысларын халық пенен мәсләҳәтлесип әмелге асырыў, дийқан ҳәм фермерлердиң машқалаларын орынларға шыққан ҳалда шешиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Халық ўәкиллери мәмлекетимиз басшысына усындай қыйын жағдайда халық пенен бирге болғаны, қысқа ўақытта үлкен жумыслар исленип, өмир орнына түсип атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Усы жерде ҳүкимет ағзалары, жуўапкер басшылар менен аўыл хожалығы егислик майданларын қайта пайдаланыўға киргизиў, зыян көрген жол ҳәм көпирлерди оңлаў мәселелери додаланып, илажлар белгиленди.

Президент Шавкат Мирзиёев 3-май күни Ташкентке қайтып келди.

 

ӨзА