КҮННИҢ ЖАҢАЛЫҒЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң басламасы менен усы жыл 2-май күни Сырдәрья ўәлаятының Сардоба районындағы апатшылық ақыбетлерин сапластырыў, қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыў, жергиликли халықты азық-аўқат, кийим-кеншек, турмыслық техникалар менен тәмийинлеў мақсетинде 5 миллиард сумлық бийғәрез жәрдем пулы ажыратылды. Буннан тысқары 550 миллион сумлық азық-аўқат өними, соның ишинде, 30 бас қарамал, 35 тоннаға шамалас гүриш жүкленген жүк машиналарының кәрўаны жолға шықты.

Жәрдем кәрўанын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери узатып салды.

 

 

Буннан алдын, яғный 30-апрель күни Бухара ўәлаятында жүз берген тәбийғый апатшылықтан жәбирленген жергиликли халыққа Қарақалпақстаннан жәрдем сыпатында азық-аўқат ҳәм қурылыс материаллары, соның ишинде, 25 тонна гүриш, 200 тонна цемент жиберилген еди.

Атап өтилгениндей, Президентимиз еки ўәлаятқа тиккелей өзи барып, жағдай менен жақыннан танысты ҳәм жергиликли халық пенен сәўбетлести. Апатшылық ақыбетлерин сапластырыў бойынша тийисли тараў басшыларына көрсетпелер берди. Аўыл хожалығы, экономика тармақларын қайта тиклеў, халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша илажлар белгиленди.

 

 

-Халқымыз тарийхында бундай апатшылықларды бастан кеширген ҳәм оларды аўызбиршилик пенен жеңип келген,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң орынбасары, Олий Мажлис Сенатының ағзасы Ш.Уснатдинов.-Қарақалпақстанлылар Сырдәрья ўәлаятының Сардоба районындағы апатшылық ақыбетинен жәбир көргенлерге жәрдем бериўге өз үлесин қоспақта.

 

 

Жәбирленген халыққа жәрдем бериўде халқымыз мийрим-шәпәәтлик ҳәм инсаныйлық пазыйлетлериниң үлгисин көрсетпекте.  Әлбетте, муқаддес Рамазан айы бәршени усындай қайыр-сақаўат илажларына жәмлемекте.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.