Мәмлекетлик бас санитариялық инспекторы Нурмат Отабеков бүгин МҒКА штабында болып өткен брифингде қайсы аймақларда карантин талапларын жумсартыў басланатуғынлығы ҳаққында төмендегилерди мәлим етти.

 

Усы жылдың 29-апрель күни өткерилген видеоселектор жыйналысында Шавкат Мирзиёев тәрепинен елимизде коронавирус пенен байланыслы жағдай жақсыланып, унамлы тәрепке өзгерип барыўы себепли 10-майдан соң карантин режимин басқышпа-басқыш жумсартыўға бағдарланған жумысларды жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди ҳәм усы мақсетте Республикалық арнаўлы комиссияның қарары қабыл етилди.

 

Усы қарардың 1-бәнтинде республикада коронавирус инфекциясының тарқалыў жағдайының аймақлар кесиминдеги анализи, кеселлик анықланған наўқаслардың емлениў (саўалыў) динамикасы жағдайынан келип шыға отырып, енгизилген шеклеўлерди басқышпа-басқыш бийкар етиў ҳаққында көрсетип өтилген.

 

Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда кеселлик улыўма дизимге алынбаған аўыллар, районлар оғада көп, ҳәттеки, Жиззақ, Қашқадәрья ҳәм Наўайы ўәлаятларында анықланган наўқаслардың барлығы толық саўалған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.