Фавқулодда ҳодиса ва унинг оқибатлари атрофлича таҳлил қилинди, зарур чора-тадбирлар белгиланди

Алдын хабар берилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Сардоба суў сақлағышында  жүз берген айрықша жағдай себепли 1-2-май күнлери Сырдәрья ўәлаятында болды.

Сардоба суў сақлағышы бөгетиниң ашылыўы күтилмеген апат, елдиң басына түскен және бир сынақ болды. Мәмлекетимиз басшысы басшылығында ҳалқымыз бирлесип, ҳаўлықпай, сабыр-тақат ҳәм мийнет пенен тез пурсатларда оның ақыбетлерин сапластырыўға киристи.

Ҳүкимет комиссиясы дүзилип, бул бағдардағы жумысларға барлық күш ҳәм қураллар жумсалды. Суў басқан мәҳәллелердиң ҳалқы қәўипсиз аймақларға эвакуация етилди, баспана ҳәм азық-аўқат пенен тәмийинленди.

Жүзеге келген апатшылықты сапластырыў жумыслары избе-из даўам етпекте. Айрықша жағдайлар министрлиги, Суў хожалығы министрлиги, Қорғаныў министрлиги, ҳуқық-қорғаў уйымлары, қурылыс-оңлаў шөлкемлери ҳәм жергиликли ҳәкимликлер өз-ара муўапық ҳәрекет етип, турмыс шараятларын тиклеў илажларын көрмекте.

Атап өтиў керек, бул жерде тиклеў жумыслары күни-түни шөлкемлестирилген, жүзлеген қурылыс ҳәм басқа арнаўлы техника қураллары тынымсыз ислемекте. Суў комплекслерине қәнигелестирилген жоқары қәнигели инженерлер, басқа тутас тараў ҳәм тармақлардың жумысшы ҳәм экспертлери тартылған.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2-май күни Сардоба суў сақлағышына барып, бөгетти тиклеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды көзден өткерди. Қәнигелер менен ҳәр тәреплеме додалаған ҳалда, дамбаны беккемлеў бойынша бир қатар көрсетпелер берди.

Мәмлекетимиз басшысы суў тасқынына биринши болып дус келген Сардоба районындағы Наўайы атындағы мәҳәллеге барды.

Ҳүкимет комиссиясы жуўапкерлери әмелге асырылған илажлар бойынша мәлимлеме берди.

Президентимиз мәҳәлле бойлап жүрип, жүзеге келген жағдай менен жақыннан танысты. Аймақты пуқта тазалап, дезинфекциялаў, қатаң санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаўды тәмийинлеў, инженерлик-коммуникация тармақларын тез пурсатларда, бирақ сапалы тиклеў бойынша тапсырмалар берди.

Шавкат Мирзиёев суў шегингеннен кейин өз мәҳәллесине қайтқан адамлар менен сөйлесип, зыян көрген жерлерде турмыс шараятлары тез күнлерде тикленетуғынын, халыққа ҳәр тәреплеме жәрдем берилетуғынын атап өтти.

– Усындай қыйын ўақытта ҳәммемиз сизлердиң жаныңыздамыз. Бәринен бурын, ҳәр бир мәҳәллеге кирип, өрт өшириў машиналарының жәрдеминде суўды қашырамыз. Қурылыс, оңлаў ҳәм жаңа үйлер қурыў бойынша халық пенен мәсләҳәтлесип жумыс ислеймиз. Ҳәммесин әсте-ақырын орнына қоямыз. Фермерлер мәселеси де атызларға шыққан ҳалда шешиледи. Ең әҳмийетлиси, өзлериңиз саў-саламат, балаларыңыз жаныңызда екен. Кеўилиңиз тоқ болсын. Алла таалаға дуўа етемиз, бизге күш-қуўат болсын, соңғы көргенимиз усы болсын, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы Ақалтын районындағы Шадлық мәҳәллеси ҳәм Мырзабад районындағы Ҳақыйқат мәҳәллеси тутасқан аймақта да болды.

Гүлистан қаласында Президентимиздиң басшылығында жуўапкер басшылар, ҳуқық-қорғаў уйымларының жуўапкерлери, жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында мәжилис өткерилди.

Илажда Сардоба суў сақлағышы бөгетиниң күтилмегенде ашылыўы ҳәм оның ақыбетлери ҳәр тәреплеме талланды, тийисли жуўмақлар шығарылды.

Халықтың саламатлығын сақлаў, зыян көргенлерге материаллық ҳәм мәнаўий жәрдем көрсетиў, социаллық объектлер ҳәм аўыл хожалығы майданларын тез тиклеў бойынша әҳмийетли мәселелер додаланып, зәрүр илажлар белгиленди.

Бүгин пүткил мәмлекетимиздиң итибары Сардоба районындағы табийғый апатшылықтың ақыбетлерин сапластырыўға, суў тасқынынан зыян көрген ўатанласларымызға материаллық жәрдем көрсетиўге, мәнаўий қоллап-қуўатлаўға қаратылған. Уллы ҳәм мийрим-шәпәәтли халқымыз бир болып, Сырдәрьға азық-аўқат, ыссы кийим-кеншек ҳәм басқа да зәрүр өнимлер жүкленген жәрдем кәрўанларын жибермекте.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев Сардобадағы айрықша жағдай себепли Гүлистан қаласына эвакуация етилген адамлар менен сөйлесип, олардан кеўил сорады. Ҳеш ким итибардан шетте қалмай, ҳәммеге ғамқорлық көрсетилетуғынын атап өтти.

Ҳүкимет комиссиясына берилген көрсетпелер тийкарында суў басқан аймақларды тазалаў, қурылыс ҳәм оңлаў, турмыс шараятын жолға қойыў бойынша жумыслар үзликсиз даўам етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы 2-май күни түнде Ташкентке қайтып келди.

 

ӨзА