Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-май күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдында мәмлекет басшылары Сардоба суў сақлағышындағы айрықша ҳәдийсеге байланыслы ҳәзирги жағдайды және оның еллеримиздиң шегара алды аймақларындағы ақыбетлерин сапластырыў бойынша тығыз бирге ислесиў жумысларын шөлкемлестириў мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады.

Президентлер ҳүкиметлерге жумысты муўапықластырған ҳалда тәмийинлеў ҳәм жүзеге келип атырған барлық мәселелерди жедел шешиў бойынша тапсырма берди.

Сондай-ақ, еллеримизде коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў ҳәм оның еки тәреплеме саўда-экономикалық байланысларына унамсыз тәсирин азайтыў бағдарында әмелге асырылып атырған нәтийжели илажлар қоллап-қуўатланды.

Сөйлесиўде Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеў мәселелерине және көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў перспективаларына айрықша итибар қаратылды.

Еки мәмлекеттиң Бас министрлери басшылығындағы Ҳүкиметлераралық биргеликтеги комиссияның жумысын жедел даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.

Экономиканың тийкарғы тараўларында, атап айтқанда, Қостанай қаласындағы қоспа кәрханада автомобиль ислеп шығарыўды кеңейтиў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў, үшинши еллердиң базарына шығарыў, заманагөй транспорт-логистика инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм басқа да бағдарлар бойынша бир қатар жаңа бағдарламалар менен жойбарларды таярлаў ҳәм әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди.

Президентлер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты.

Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесиниң гезексиз саммитинде ерисилген келисимлерге муўапық болып өткен денсаўлықты сақлаў ҳәм транспорт министрлери онлайн әнжуманларының табыслы нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Сөйлесиў дәстүрий түрде қызғын ҳәм дослық руўхында өтти.

 

ӨзА