4-6-май күнлери Өзбекстан аймағына Түркменстан арқалы Каспий теңизиниң қубла районлары үстинде қәлиплескен ығал ҳаўа ағымы кирип келеди. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

 

4-май күни Хорезм, Бухара, Наўайы ўәлаятларында айрым жерлерге күшли жаўын жаўыўы күтилмекте, шақмақ шағыўы мүмкин. Қашқадәрья, Самарқанд ўәлаятларында кешки ўақытта жаўын жаўады, шақмақ шағыўы мүмкин. Республиканың басқа аймақларында жаўын-шашын болмайды.

 

5-май күни республиканың айрым жерлеринде күшли жаўын жаўып, шақмақ шағыўы мүмкин. Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятларында кешки ўақытта жаўын жаўып, шақмақ шағыўы күтилмекте. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жаўын-шашын болмайды.

 

6-май күни Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья, Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятларында айрым жерлерге жаўын жаўып, шақмақ шағыўы мүмкин. Республиканың басқа аймақларында жаўын-шашын болмайды.

 

4-6-май күнлери самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, 23-28 м/с қа шекем жетиўи мүмкин.

 

4-7-май күнлери республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел болыў қәўпи бар.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.