Ҳүрметли пуқаралар, мекеме ҳәм қәрхана басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы ескертеди!!!

 

Усы жылдың 1-3 май күнлери елимизде ҳаўа райы өзгерип, күшли жаўын ҳәм самал есиўи мүмкин. Сол себебли жүзеге келиўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм қәўипсизликти тәминлеў мақсетинде төмендеги илажларды әмелге асырып, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиўиңизди сораймыз.

 

-барше турақ жайлар ҳәм мәмлекетлик кәрхана имаратларының төбе бастырмалары үйренип шығылып, зәрүр жағдайларда беккемленсин;

 

-электр ҳәм байланыс бағаналары (столба) әтирапындағы тереклердиң шақалары путалансын;

 

-тереклер, жол белгилери, үлкен реклама транспарантлары ҳәм қурылмаларының қасында автотранспортлардың ҳәрекети ҳәм тоқтап турыўы мүмкин емес;

 

-суў тасқынының алдын алыў мақсетинде белгиленген жап-салмалар ҳәм канализация тармақларын тазалаў ислери әмелге асырылсын;

 

-күшли самал ўақтында көшеге шықпаң;

 

-имараттың барлық ашық болған жерлери, есиги ҳәм айналары беккем етип жаўылыўы керек;

 

-ҳәр қандай турмыслық техникалар электр тогы ҳәм газ тармақларынан ажратылыўы тийис;

 

-күшли самал ўақтында көшеде болсаңыз имаратлар, көпирлер, тереклер ҳәм автомобильлерге жақынласпаң;

 

-егер автомобильде болсаңыз тезликти асырмаң, дәрья ҳәм қырғақ бойындағы жолларда илажы барынша ҳәрекетленбең.

 

Ҳүрметли пуқаралар қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етейик, ең қәўипсиз жер бул – сизиң үйиңиз, үйде қалың!!!

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги