30-апрель күни халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң гезексиз бесинши сессиясы болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасты ҳəм районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, халықтың турмыс абаданлығын жақсылаў, әсиресе, бүгингидей сынаўлы дәўирде жәрдемге мүтәж ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәмде жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, бул бағдарда қала ҳәм районларда шаңарақларға қәўендерлик етиўди усынған исбилерменлик субъектлерине жеңилликлер бериў бойынша алда турған ўазыйпалар ҳаққында кең түрде шығып сөйледи ҳәм район ҳәкими лаўазымына  усы күнге дейин Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри лаўазымында ислеп келген Уснатдинов Омирбай Аманбаевичтиң кандидатурасын усынды.

 

Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.

Сессияда О.Уснатдинов Нөкис районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды ҳәм өзиниң бар билим, топлаған ис-тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме гүллеп-раўажландырыўға, халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға жумсайтуғынлығын атап өтти.

 

Мағлыўмат ушын, О.Уснатдинов өткен жыллар ишинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери секретариаты баслығы, Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Аўыл хожалығында суўға болған талапты режелестириў ҳәм метеорология басқармасы баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри ҳәм басқа да жуўапкерли лаўазымларда жумыс алып барған.