1-2-май күнлери Өзбекстан аймағына Түркменстан арқалы Каспий теңизиниң қубла районлары үстинде қәлиплескен ығал ҳаўа ағымы кирип келеди.

 

1-май күни Бухара, Наўайы, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Самарқанд ўәлаятларында күнниң екинши ярымында жаўын, айрым жерлеринде күшли жаўын-шашын болыўы күтилмекте, шақмақ шағыўы да мүмкин.

 

«Өзгидромет»тиң мәлим етиўинше, республиканың басқа аймақларында кешки ўақытта жаўын, айрым жерлеринде күшли жаўын-шашын болып, шақмақ шағыўы мүмкин. Қарақалпақстан Республикасында, Әндижан, Наманган, Ферғана ўәлаятларында жаўын-шашын болмайды.

 

2-май күни Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында кешки ҳәм азанғы ўақытларда жаўын, айрым жерлеринде күшли жаўын-шашын болып, шақмақ шағыўы мүмкин. Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жаўын-шашын болмайды.

 

Самалдың телиги 15-29 м/с қа шекем күшейиўи, айрым жерлерде самалдың тезлиги 23-28 м/с қа шекем жетиўи мүмкин.

 

30-апрель – 3-май күнлери республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел болыў қәўпи бар.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.