Телеграм каналларында бүгин, 30-апрель күнинен баслап Өзбекстандағы такси хызмети менен шуғылланыўшыларға саат 07:00 ден 10:00 ге шекем, 17:00 ден 20:00 ге шекем жолаўшыларды да тасыўға рухсат берилип атырғаны ҳаққындағы хабарлар тарқалды.

 

Биз Қарақалпақстанда бул жағдай қандай болып атырғаны бойынша мағлыўмат алыў мақсетинде ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының баспасөз хызмети менен байланыстық.

 

Ол жерден бизге хабар бериўинше, такси хызметлерине ҳәзирше тек ғана жеткерип бериў хызмети менен шуғылланыўға рухсат етилген, жолаўшы тасыўға рухсат берилмеген.

 

Такси хызметлерине жолаўшы тасыўға рухсат берилмегенлиги ҳаққындағы хабар ҚР Транспорт министрлиги тәрепинен де жәрияланды.

 

Сонлықтан, пайтахтымыздағы такси хызмети менен шуғылланыўшыларға жолаўшы тасыў менен шуғылланыў мәселесин тоқтатып турыўды сорап қалған болар едик.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.