КҮННИҢ ЖАҢАЛЫҒЫ                          

Оролбўйидан навбатдаги хуш хабар

Усы жыл 29-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы жуқпалы кеселликлер емлеўханасында коронавирус инфекциясынан 12 пуқара  толық саўалып шықты.

photo_2020-04-29_20-43-56.jpg

photo_2020-04-29_20-43-49.jpg

Емлеўханада коронавирус инфекциясынан толық емленип шыққанлар бүгинги күнге 62 пуқараға жетти. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги қәнигелердиң атап өткениндей, олардан 7 пуқара Нөкис қаласынан, 3 пуқара Қоңырат, 1 пуқара Мойнақ ҳәм 1 пуқара Қанлыкөл районларынан  болып, олардың барлығы коронавирусқа шалынғанлар менен сөйлесиў арқалы жуқтырған. Наўқаслар толық саўалып, медицина хызметкерлериниң бақлаўында реабилитацияға жиберилди.

photo_2020-04-29_20-43-45.jpg

photo_2020-04-29_20-44-00.jpg

-Бул жуқпалы кеселликлер емлеўханасы шыпакерлери, мийирбийкелери ҳәм санитар хызметкерлериниң күни-түни тынымсыз мийнетиниң нәтийжеси,- дейди емленип шыққан қоңыратлы пуқара.-Буның ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремиз. Бул жерде барлық шараятлар жаратылған болып, емлеў жумыслары өз ўақтында әмелге асырылды. Қалған наўқаслардың да тезирек саўалып, мүбәрек Рамазан айында шаңарақларына қайтыўына тилеклеспен.

photo_2020-04-29_20-43-34.jpg

photo_2020-04-29_20-43-52.jpg

Қарақалпақстан Республикасы жуқпалы кеселликлер емлеўханасынан бундай хош хабарлардың келиўи даўам етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.