Өзбекстан Республикасы коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша Республикалық арнаўлы комиссияның қарары қабыл етилип, төмендеги тәртиплер енгизилмекте.

Оған бола, 2020-жыл 30-апрель күни саат 06:00 дан:

Пуқараларға – жумыс орнына барып келиўи, медициналық буйымлар, дәри-дәрмақ қураллары, азық-аўқат ҳәм биринши гезекте зәрүр болған өнимлерди сатып алыў ушын саат 07:00 ден 10:00 ға ҳәм 17:00 ден 20:00 ға шекем барлық түрдеги жеке ҳәм хызмет жеңил автотранспорт қураллары (жолаўшылар менен бирге), соның ишинде, велосипед ҳәм мототранспортларда арнаўлы рухсатнамасыз ҳәрекетлениўге;

Пуқараларға – қала ҳәм районлардағы көп қабатлы турақ жайлардың тиккелей алдында ҳәм ишки ҳәўли аймақларында социаллық аралықты (аралық 2 метр) сақлаған ҳәм нықаплар тағылған ҳалда сейил етиўге, онда 14 жасқа шекемги болған балалар ата-аналарының қараўында сейил етиўге;

Жоқары билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў институтларының басшылары ҳәм профессор оқытыўшыларына – илимий жумысларды даўам еттириў мақсетинде лаборатория ҳәм кафедралардың жумысларын тиклеўге рухсат берилди.

Сондай-ақ, районлараралық (қалалараралық), ўәлаятлараралық ҳәм Ташкент қаласына кирип-шығыўда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўши юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң барлық түрдеги жеке ҳәм хызмет жеңил автотранспорт қуралларында ҳәрекетлениўине ишки ислер уйымлары тәрепинен өнимлерди оператив ҳәм қолайлы жөнелислер арқалы өз мәнзиллерине жетип барыўына жәрдемлесиў белгиленди.

Жәмийетлик орынлар, базарлар ҳәм рухсат берилген саўда хызмет шақапшаларында да автотранспорт қуралларында ҳәрекетлениў даўамында барлық Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен белгиленген тийислисинше санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға қатаң әмел етилиўи талап етиледи.

 

ӨзА