Ҳүрметли Ўатанласлар!

 

Бəршеге белгили болғанындай, усы жылдың 20-апрель сəнесинде ҳүрметли Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёвтиң басламасы менен мәмлекетимиз ҳәм халқымыз қүдиретиниң әмелий көриниси сыпатында Республика көлеминде «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети шɵлкемлестирилди ҳəм бүгинги күнде усы ҳəрекет тəрепинен социаллық қорғаўға мүтәж, көп балалы шаңарақларды, майып шахслар ҳәм жалғыз кекселерди, сондай-ақ, өз дәраматларын жоғалтқан ўақытша жумыссыз болған физикалық шахсларды қоллап-қуўатлаў бағдарында кɵлемли жумыслар алып барылмақта.

Соның менен бирге, Сизге «Мəҳəлле» қайырқомлық жəмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бɵлими жанында «Сақаўат ҳəм жəрдем» қорының шɵлкемлестирилгенин ҳəм оның есап бетлериниң ашылғанын мəлим етемиз.

Ɵзбекстан Ҳүкиметиниң арнаўлы бийлиги менен шɵлкемлестирилген бул қордың мақсети – елимизде Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў ҳəм басқа да глобаллық қəўип-қəтерлер дəўиринде халқымыздың тарийхый ҳəм руўхый қəдриятларын, мийрим-шəпəəт, сақаўат ҳəм сақыйлық сыяқлы жоқары пазыйлетлерин инабатқа алған ҳалда халықты нəтийжели қоллап-қуўатлаўдан ибарат.

Ҳүрметли исбилерменлер ҳəм қайырқомлық илажларын ислеўди қəлеўши пуқаралар!

Муқаддес Рамазан айында Сиз тəрептен əмелге асырылған мийрим-шəпəəт, сақаўат ҳəм сақыйлық сыяқлы жоқары қайырқомлық илажлары əйне пайытта Республикада дизимге алынып атырған халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламларын материаллық жақтан қоллап-қуўатлаўға жумсалады.

Елимизде ҳүким сүрип турған сынақлы демлерди жумсартыў мақсетинде Ҳүкиметмиз тəрепинен əмелге асырылып атырған илажларды қоллап-қуўатлаўды қəлейсиз бе?

Демек, Сизде имканият бар!

«Сақаўат ҳəм жəрдем» қоры Қарақалпақстан Республикасы бɵлиминиң есап бети:

2021 2000 7003 1493 7006 (cўм)

2021 2840 4003 1493 7001 (доллар)

2021 2978 3003 1493 7001 (евро)

ААКБ «Ҳамкорбанк» Нɵкис филиалы

ИНН: 200358711

МФО: 01068

Мағлыўмат ушын телефонлар: (861) 222-02-46,  222-02-44