Бүгин, 28-апрель күни Өзбекстанның Евразия Экономикалық Аўқамы менен бирге ислесиўи бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасының жуўмақлаўшы қарары қабыл етилди.

 

Қарарға муўапық, Өзбекстанның Аўқамда «бақлаўшы мәмлекет» статусында қатнасыўы мақсетке муўапық деп табылған.

 

Бул қарар бойынша жыйналысқа қатнасқан улыўма 132 депутаттан 86 депутат жақлап, 32 депутат қарсы даўыс берген. 14 депутат болса бийтәреп сыпатында даўыс берген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.