Қарақалпақстанда жаңадан шɵлкемлестирилген Бозатаў районында «Бозатаў жайлаўы» ислеп шығарыў кооперативи тәрепинен гидропоника усылында қарамаллар ушын азықлық жем жетистириў тәжирийбеси ɵткерилмекте. Бунда азықлық от-жемлер топырақсыз, арнаўлы үскенеленген шараятта суўда еритилген элементлер жәрдеминде жетистириледи.

Гидропоника усылында жетистирилген от-жемлердиң пайдасы оғада зор екен дейди, – «Бозатаў жайлаўы» ислеп шығарыў кооперативиниң баслығы Бектилеў Абылов. – Ҳәзирги ўақытта 500 кг сыйымлылықты қабыл ете алатуғын көпяруслы гидропоника үскенесинде бийдай жетистирип атырмыз. 1 кг бийдай бир ҳәпте ишинде 5 кг нан 7 кг ға шекем салмақ берип атыр. Биз ҳәзир күниге 50-60 кг бийдайды алып малларға берип атырмыз, маллардың сүт бериўи 20-25 процентке кɵбейди. Өйткени, гидропоникада ɵсирилген бийдай қосымша витаминлер менен тойынады. Биз ҳәр күни алынған бийдайдың орнына және сол муғдардағы бийдайды егемиз. Яғный, күнине 50-60 кг бийдай егип атырмыз. 1 ҳәптеден кейин бул бийдай 1 қарысқа шекем ɵседи ҳәм 250-300 кг килограммға шекем салмақ басады. Кейин оны малларға беремиз.

Гидропоникада ɵсимлик ушын керекли болған барлық факторлар, атап айтқанда, ҳаўаның температурасы, ығаллығы, ыссылық, жақтылық, карбонат ангидрид, таза суў, макро ҳәм микро азықлық элементер менен тәмийинлеў жасалма жол менен әмелге асырылады. Нәтийжеде ɵсимликлерде фотосинтез процеси жеделлеседи ҳәм кɵплеген органикалық элементлер жыйналып, тез пәт бенен ɵсип-раўажланыўы ҳәм мол ɵним бериўи тәмийинленеди. Бул усылда 1 кг бийдай 5 кг бийдайдиң күшине ийе болып қосымша витаминлерге тойынады ҳәм сүт ɵнимин алыўда оғада пайдалы.

Қарақалпақстанда күнине 500 кг гидропоникалық жасыл от-жем таярлайтуғын үскенелер еки орында – Бозатаў районындағы усы «Бозатаў жайлаўы» кооперативинде және Мойнақ районындағы «Әжинияз жайлаў» кооперативинде қурылған. Бул үскенелер Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети, Бирлескен Миллетлер Шɵлкеминиң раўажланыў Бағдарламасы ҳәм Бейимлесиў қорының  «Өзбекстанның қурғақшылық аймақларында жайласқан фермер ҳәм дийқан хожалықларының турақлылығын тәмийинлеў» биргеликтеги жойбары шеңберинде әмелге асырылған.

Бул үскенелердиң ҳәр биринде күнине 500 кг от-жем жетистириў менен 150 гектар суўғарылатуғын майданда жетистирилетуғын от-жем егинлериниң орнын ийелеп, буннан 1 миллион 50 мың куб метр суўғарыў суўын тежеп, суўға кететуғын 4 млн 446 мың сум қәрежетти үнемлеўге болады.

Сондай-ақ, 15 мың литр жанылғы-майлаў материалларын тежеп, 120 млн сум қәрежетти үнемлеўге болады. Буннан басқа да, 1 млн 700 мың сумнан аслам қәрежетти қурайтуғын 32,5 тонна СО2 шығындыларын және ис ҳакы қәрежетлерин де үнемлеўге болады, – дейди жойбар қәнигеси Азат Тилеўмуратов. – Бул  көпяруслы үскене шарўа маллары, қусшылық ҳәм балықшылық хожалықларында  азықлық затлардың баҳасын кемейтиў ушын зәрүр болған кем үнемлеўши энергия жумсалыўына ийе болған жасыл био-жемлердиң максимал ɵнимдарлығын есапқа алған ҳалда жойбарластырылған ҳәм ислеп шығарылған.

Мине усындай гидропоника үскенесиниң және алтаўы шарўашылық пенен шуғылланыўша шаңарақларға да берилген. Ол үскенелерде күнине 40, 80, 120 кг жасыл от-жем таярлаў мүмкин.

Бул үскенелер шыдамлы материаллардан таярланған болып, оларадың жарамлылық мүддети ең кеминде 15 жылды қурайды.

 

Жасыл гидропоника от-жемниң нәтийжелилиги:

 

– Жасыл гидропоникалық от-жемнен пайдаланыў азықлық затларға жумсалатуғын қәрежетлерди ҳайўанлардың рационы ҳәм түрине қарап 30 дан 50 процентке шекем үнемлеўге имканият жаратады;

– Гидропоникалық жасыл от-жемниң сиңиўи 95 процентти қурайды;

– Тийкарғы азықлық элементлерине 30-50 процент гидропоникалық жасыл от-жем қосылады, бул тийкарғы жемниң сиңиўин 20-30 процентке арттырады;

– Сүттиң ɵнимдарлығын 15-25 процентке шекем арттырады;

– Ҳайўанлардың саламатлығын жақсылайды ҳәм ветеринариялық дәрилерден 70 процентке қутқарады;

– Жас ҳайўанлардың ɵсиўин ҳәм иммунитетин арттырады.

 

Е.Қанаатов, ӨзА