Пәрман ҳәм оның орынланыўы

Мәмлекетимизде коронавирус пенен гүресиў бойынша бир қатар илажлар көрилмекте. Усындай жағдайға қарамастан, республикамыз аймақларындағы кәрханалар өз жумысын даўам еттирмекте.

Қарақалпақстан Республикасындағы «Тақыятас ЫЭС» акционерлик жәмийети де карантин жағдайында барлық зәрүр талаплар тийкарында халыққа үлгили хызмет көрсетпекте.

«Тақыятас ЫЭС» акционерлик жәмийетиниң бас директоры Фахриддин ХАЛИЛАЕВ ӨзАның хабаршысына кәрханада шөлкемлестирилген бул бағдардағы тәртип-талаплар ҳаққында айтып берди:

– Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2020-жыл 19-мартта «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобаллық кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Оған бола, санаат кәрханаларының турақлы жумыс ислеўин тәмийинлеў илажларының орынланыўын ҳәр тәреплеме додалаў және олардың нәтийжелерине бола жүзеге келетуғын мәселелер менен машқалаларды сапластырыў белгиленген.

 

 

Усы талаплар тийкарында «Тақыятас ЫЭС» акционерлик жәмийетинде хызметкерлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў, гигиеналық-санитариялық жағдайын және де жақсылаў, кеселликте гүманланған шахсларды өз ўақтында анықлаў ҳәм кеселликтиң тарқалыўының алдын алыў мақсетинде кәрханадағы қадағалаўдан өтиў орынларында қатаң қадағалаў орнатылған және кәрхана объектлеринде турақлы дезинфекциялаў жумыслары алып барылмақта. Соның менен бирге, карантин ўақтында пуқараларға қолайсызлықларды туўдырмаў мақсетинде халық ҳәм санаат кәрханаларын үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеў бойынша да илажлар көрилмекте.

Қуўатлылығы 630 МВт болған «Тақыятас ЫЭС» АЖ жылына 3 миллиард кВт.сааттан аслам электр энергия ислеп шығарады. Ол Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятын үзликсиз электр энергия менен тәмийинлейди.

Кәрханада 800 ден аслам жумысшы-хызметкер мийнет етеди. Жәмәәттиң тийкарғы мақсети де бар жағдайға қарамастан жумысты даўам еттириў ҳәм Өзбекстанның экономикасына өз үлесин қосыў болып есапланады. Олар карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда өз жумыс орнында жеке қорғаныў қураллары (нықап)нда жумыс ислемекте. Бар жағдайдан келип шығып, кәрхананың оператив хызметкерлериниң жумыс режими 2020-жыл 6-апрельден баслап тастыйықланған график тийкарында 12 саатлық жумыс режимине өткерилди. Станция аймағына кирип шығатуғын шахсларды мүмкин болғанынша азайтыў ҳәм соның нәтийжесинде кеселлик тарқалыўы қәўипин азайтыў мақсетинде нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртиплер енгизилген. Оған муўапық, цех ҳәм бөлимлердиң тийкарғы жумысына тәсир етпеген ҳалда 270 жумысшы-хызметкерди мийнет дем алысына шығарыў және айырымларын аралықтан турып жумыс ислеў процесине өткериў әмелге асырылды. Өндирис бойынша зәрүр болған мәселелер мүмкин болғанынша аралықтан турып, телефон байланысы ҳәм интернет системасы арқалы әмелге асырылыўы белгиленип қойылды.

 

 

Карантин бизди сақлыққа шақырған болса да, жумысымызға улыўма тәсир еткен жоқ. Биз бурынғысынша бир қәлипте ҳәм реже бойынша жумысларымызды даўам еттирмектемиз. Буннан бир неше күн алдын Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты халқының электр энергиясына болған зәрүрлигин толық қаплаў мақсетинде 3-апрель күни «Тақыятас ЫЭС»та жаңа 280 МВт қуўатлылықтағы дәслепки пуў-газ комбинацияланған цикл ислеп шығарыў қурылмасы иске түсирилди. Екинши пуў-газ қурылмасы бойынша жумыслар реже тийкарында даўам еттирилмекте.

Бул ири инвестициялық жойбар мәмлекетимиз Президентиниң 2017-жыл 11-сентябрьдеги «Тақыятас ЫЭСта 230-280 қуўатлылыққа ийе еки пуў-газ қурылмаларын қурыў» инвестициялық жойбарын әмелге асырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық орынланбақта. Жойбар заманагөй алдынғы технологиялар тийкарында Қубла Кореяның «Hyundai Engineering» ҳәм «Hyundai Engineering & Construction» компанияларының консорциумы менен биргеликте әмелге асырылмақта.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы