Өзбекстан Республикасы кризиске қарсы гүресиў комиссиясының 2020-жыл 23-марттағы коронавирус ақыбетлерин жумсартыўға бағышланған селектор мәжилисинде тийисли тараўларға әмелге асырылыўы зәрүр болған бир қатар ўазыйпалар ҳәм бағдарлар белгилеп берилген еди.
Соннан, экономика тармақларының, кәрханалардың үзликсиз, бир қәлипте жумыс ислеўин тәмийинлеў, коронавирус пандемиясының унамсыз тәсирин азайтыў және халықты азық-аўқатлық өнимлер менен тәмийинлеў тараўларында мониторинг жумысларын алып барыў сыяқлы ўазыйпаларды атап өтсек болады.
Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм санаат министрлиги тәрепинен бизге берилген мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги ўақытта экономика тармақлары ҳәм тараўларына тийисли барлық кәрханалардың нәтийжели жумыс ислеўин шөлкемлестириў мақсетинде республикамыз аймағындағы ислеп турған 2400 ден аслам өндирислик кәрхананың коронавирус пандемиясы дәўиринде ушырасатуғын барлық машқалалары кең түрде үйренилмекте.
Атап айтқанда, олардың жумыс ислеўине тәсир ететуғын шийки зат, айланба қаржылар, газ ҳәм электр тәмийнатындағы, салық ҳәм банк кредитлеринен жеңилликлер берилиўи, сырт елден зәрүр әсбап-үскенелер және қәнигелерди алып келиў, экспортлық-импортлық операцияларды үзликсиз әмелге асырыўдағы машқалалары үйренилип, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Өзбекстан Республикасының тийисли министрлик ҳәм мәкемелери менен биргеликте машқалаларды шешиў илажлары көрилмекте.
Усы күнге шекем 10ға шамалас кәрхананың, атап айтқанда, Қытайдан алып келиниўи режелестирилген “Mustafa farm” жәмийетине фармацевтикалық өнимлердиң шийки затларын, “Titan DSZ” жәмийетине турмыслық электротехника буйымларының аўысық бөлеклериниң дизими таярланып тийисли министрликлерге берилди.
Мойнақ районындағы “Mega Muynak city” ҳәм Хожели районындағы «Аббазбек строй» жәмийетлериниң газ тәмийнатындағы машқалаларын шешиў жумыслары алып барылмақта.
Кегейли, Қоңырат, Нөкис, Тақыятас, Шоманай ҳәм Шымбай районларындағы сырт ел инвестицияларының қатнасыўында шөлкемлестирилген 10 кәрханада жумысын даўам етиўи ушын зәрүр болған әсбап-үскенелер менен сырт ел қәнигелериниң дизими үйренип шығылып, оларды алып келиў бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар шөлкемлестирилди.
Жергиликли өндирислик кәрханалардың өз өнимлерин сатыў ҳәм зәрүр әсбап-үскене және шийки затларды сатып алыўда имканиятларын кеңейтиў мақсетинде бүгинги күнге шекем 2084 кәрхана ҳәм олардың өнимлери электрон кооперация порталына киргизилди. Бул портал арқалы усы жылдың 1-апрелине шекем аймағымыздағы өндирислик кәрханалар өзлериниң баҳасы 110 млрд. сумнан аслам болған өнимлерин жергиликли, басқа ўәлаятлардағы ҳәм шет еллердеги тутыныўшыларға сатыўға еристи.
Сондай-ақ, министрлик тәрепинен санааатлық өндирис, хызмет көрсетиў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў тараўындағы жаңа жойбарларды, атап айтқанда, импорт орнын басыўшы ҳәм экспортқа мөлшерленген өнимлерди ислеп шығаратуғын Жергиликлилестириў бағдарламасына киргизилген жойбарларды әмелге асырыўдағы машқалалар үйренилип, тармақ кестелери, машқалаларды шешиўге жуўапкер басшылар ҳәм хызметкерлер белгиленбекте.
Пандемия дәўиринде тийкарғы азық-аўқатлық өнимлердиң резерви және тастыйықланған графиклерге муўапық базарларға шығарылыўы бойынша күнделикли мониторинг жумыслары алып барылып, зәрүр жағдайларда Министрлер Кеңеси менен бирликте тийисли илажлар әмелге асырылмақта.
Министрлик тәрепинен коронавирустың унамсыз ақыбетлерин жумсартыў, экономиканың бир қәлипте нәтийжели жумыс ислеўин тәмийинлеў, халықтың азық-аўқатлық өнимлери ҳәм басқа да тутыныў товарларына болған талабын қанаатландырыў бағдарындағы жумыслар даўам етпекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.