Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасына муўапық усы жылдың 28-март күни коронавирус кеңнен тарқалыўын сапластырыў мақсетинде усы пандемияға қарсы гүресиў ушын ажыратылған қаржылар есабынан Қытайдан вирусты анықлайтуғын  200 мың тест системасы, 50 мың бир мәртелик бас кийимли қорғаныў комбинезоны сатып алынды.

Әскерий жүк самолётында келтирилген бул жүктиң улыўма баҳасы 27,8 миллиард сум, салмағы 20 тоннаны қурайды. Усы арнаўлы рейсте Қытай Халық Республикасы тәрепинен ажыратылған 2,5 миллиард сумлық түрли медициналық қураллардан ибарат гуманитарлық жүги де келтирилген.

Буннан тысқары, Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарына тийкарланып коронавирусқа қарсы гүресиў ушын ажыратылған қаржылар есабынан 31-март күни 16 миллиард, 3-апрельде болса 45 миллиард сумлық медициналық техника ҳәм қорғаныў қураллары сатып алыныўы ҳәм мәмлекетимизге келтирилиўи белгиленген.

Соның ишинде, сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда медицина хызметкерлери ушын айрықша екинши дәрежели, яғный, қызыл зонаға мөлшерленген арнаўлы комбинезонларды сатып алыўға да итибар қаратылған.

 

ӨзА